Бурында бир патша темирши устаға «Алмастан да кескир қылыш соғып бериўди буйырыпты. Уста қылышты патша айтқаннан да ағла етип таярлап тапсырыпты. Патша жүзиниң өткирлигин сынап көрмекши болып, бас бармағы менен әсте сыйпалағаныда сол екен, ортаңғы буўыннан шорта кесип түскенин өзи де сезбей қалыпты. Сонда қапталында турған Бас ўәзир «Жақсылыққа болсын, патшайым» депти.Ашыўын кимнен аларын билмей турған патша «Бас ўәзирди зинданға таслаўға буйырыпты.
Сонда Бас ўәзир тағы да «Жақсылыққа болсын» депти кетип баратырып.
Күнлерден бир күни патша ўәзирлери менен аң аўлаўға шығыпты. Олар бир пада кийиклерге дус келипти. Патша жаңадан болған Бас ўәзири менен бир ири кийиктиң изине түсипти. Ол таўға қарай қашыпты. «Енди жеттим» дегенде бир үңгирге кирип көзден ғайып болыпты. Оларда ат пенен изин ала кирип барса бул жер жабайы адамлардың ордасы болып шығыпты. Сол күни олардың дәстүри бойынша Қурбанлық байрамы екен. Бир адамның аяқ-қолын байлап қурбанлыққа таярлап атырғанын көрипти, Жабайылар еки атлыны көре салып қамашалап услап алыпты да «Қурбанлық сойыслығы өз аяғы менен келди» десип семизирек патшаны шешиндире баслапты. Қараса бир бармағы кемис. Олардың дәстүри бойынша қурбанлыққа минсиз адам болыўы шәрт екен. Оның орнына Бас ўәзирин қурбанлыққа шалыпты да патшаны босатып жиберипти.
Патша аман қутылғанына шүкирлик етип туўры зинданға барыпты. Бас ўәзирин өз қолы менен босатыпты да өз орнына қайта тиклепти. Патша Бас ўәзирден: «Бармағымды кесип алғанымда не ушын жақсылыққа болсын» деген едиңиз деп сорапты. Сонда Бас ўәзир «Егерде жақсылыққа болмағанында қурбанлыққа Сиз сойылған болар едиңиз, патшайым» деп жуўап берипти. Сонда патша « Ал мен сени зинданға буйырғанымда тағы да усы сөзди айттыңыз ғой» дегенинде Бас ўәзир « Тақсыр, егерде Сизиң жаныңызда өзим болғанымда қурбанлыққа мен шалынар едим» деп жуўап берген екен. Демек, ҳәр қандай жағымсыз ўақыя жүз берсе де, «Жақсылыққа болсын» деп жорығанымыз мақул болар екен.
Таярлаған: Көбейсин Ерназаров.
