БӘҲӘР МАFАН УНАЙСАҢ

Бәҳәрдиң кирип келиўиниң өзи үлкен байрам. Жайма-шуўақ күнлер басланып, қысы менен қулаққа шалынбаған қуслардың әжайып сайраўының гүўасы боламыз. Күн сайын жасыл, түске дөнип атырған әтирапты айтпайсыз ба?!
Бизиң елимиз географиялық жайласыўы жағынан кескин өзгермели ҳаўа-райына ийе. “Наўрыздың ақша қары”, “Тоқсанның шығыўы”, “Әямаўиз алты күн, алты ай қыстан қатты күн”, “Кийиктиң ғайы” ҳ.т.б. бәҳәрдиң өзгермели ҳаўа-райына байланыслы айтылған ҳәм жылда сол пайытта қайталаныўшы кескин өзгермели күнлери бар. Соның менен бирге әзелден ҳәммемизге мәлим болған “көк гүркирейди”, яғный шахмақ шағып, гүлдирмама болады. Булардың бәри – бәҳәр қубылыслары.
Бизиң үлкемизге гөззал бәҳәр мисли назланған қыздай усылайынша кирип келеди. Дийқанларымыз жап-салмаларын жағалап жерине айланысады. Шарўалар турмысында да қой қозылап, ылақлар секирип ойнап, далалардағы сүйрик көк шөплер ийиси мурнын қытықлайды. Ана тәбияттың барлық тиришиликке имкан бериўи инсанларды да шыйрақлантырады. Үй–әтирапларымызға жақсы нийет ҳәм меҳир менен нәлшелер егип, нәрўан тал болса екен деймиз.
Ҳәр биримиздиң кеўлимизге үмит нәлшелерин егип, саналы өмиримизге сән берип, хош келдиң, бәҳәр!
Улбосын ЕЛМУРАТОВА,
Нөкис, 36-санлы мектептиң тарийх пәни муғаллими.