Әўмет пенен бахыттың жетегинде баратырған бул инсанға ҳәўесиң келеди. Себеби, денсаўлықты да, атақ-абырайды да, мәртебени де, шаңарақ бахтын да бирдей көриў ҳәммеге несийп ете бермейди.
Устазымыз, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист Идирис Қосназаров ҳаққында жазып баслаўдан усы пикирлер оған айтылған дәл баҳа деп ойлайман.
Журналистика кәсиби сырттан қарағанда мәртебели, аңсаттай көриниўи мүмкин. Усы тараўдың қазанында “қайнағанлар” ғана буның мақтанышлы мәўритлеринен көре машақатлы тәреплери көп екенин биледи.
1976-жылы ҳәзирги Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтын табыслы тамамлап, Қарақалпақстан телевидениесинде ислеп баслаўдан жән-тәни менен журналистиканың “шалғайына” асылып алды. Буннан кейин «Еркин Қарақалпақстан» газетасында иследи. Оның машақатлы тараўдың қыйыншылығына бойсынбай, батыллық пенен алға умтылыўлары усы газетада ислегенде анық көринди. И.Қосназаров алты районға бекитилген хабаршысы болып, белди беккем буўып “мине, журналист усындай болады” деп мәрдана шыға келди.
Оның “Жумысқа кириўдиң баҳасы қанша?”, “Күйиктен түскен дақлар?”, “Нанның кийесине ушыраўдан қорықпайсыз ба?”, “Қуўдалаў ямаса жети жылға созылған даў”, “Сырттан пишилген тон”, “Бас саўда инспекторы халық депутаты қурақым тексере алмағаны ма?”, “Төрели гәп айтатуғын ўақтымыз болды” ҳәм басқа да мақалалары жарық көрди. Усы газетаның журналистлери И.Нийетуллаев, Т.Худайбергеновлар менен бирге жүрип, усындай өткир мақалалар жәриялады. Ол дәўирде журналисттиң бундай батыллық етиўи аңсат кешпейтуғын, сөз еркинлигине мүтәж ўақытлар еди. Минезиндеги қайсарлық, баслаған исин ақырына жеткермегенше тыншымайтуғын Идирис Қосназаров ҳеш нәрседен қорқыўды билмеди. Сол арқалы халықтың машқаласы тыңланды, оның шешими табылды.
“Нанның кийесине ушыраўдан қорықпайсыз ба? атлы мақаласы себепли Саўда министри, Ғәлле өнимлери өндирислик бирлеспесиниң бас директоры, 6 дүкан баслығы, 6 сатыўшы ийелеп турған лаўазымынан босатылады.
Бундай кескинликлер жумысы барысында көп ушырасты. Не деген мәртлик! Журналистика тарийхына бундай сын мақалалар алтын ҳәриплер менен жазылып қалатуғын таптырмас байлық болып кирди.
Үлкен газетада шыңланған И.Қосназаров 1992–1994-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Сырт еллер менен байланыслар ҳәм хабар бөлиминде аға референты, 1995–2004-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде бас қәниге, Шөлкемлестириў жумыслары ҳәм кадрлар мәселелери бойынша бөлимниң баслығы ҳәм Аппарат басшысының орынбасары – Қадағалаў бөлими баслығы лаўазымларында ислеп, бул ўазыйпаларды да инабатлы атқарып шықты.
Ол 2004-жылы “Қарақалпақстан жаслары” газетасына бас редактор лаўазымына сайланды.Және өз сүйген кәсибине қайтты. Баслық болғаны ушын оның ўазыйпасы және де күшейди. Барлық хызметкерлердиң тәғдири, редакцияның улыўма жумыслары, газетаның ўақтында шығыўы, оның есап–санағы сыяқлы жуўапкерликти мойнына алыў да аңсат емес. Ҳәр ҳәптеде газетаның оқыўшыға жетемен дегенге шекемги процесслериндеги жуўапкершиликтиң жүги аўыр екенин усы тараўда ислегенлер ғана аңлай алады. Мен сол дәўирлерде Идирис аға менен бирге ислеген, ҳәзир ислерин даўам еттирип отырған журналист сыпатында көп нәрселерди айта аламан. Ол келген биринши күннен баслап редакцияда қатаң тәртип орнатыўдан баслады.
Ис қағазларын, ҳүжжетлерди жыйнақластырып, бир тәртипке келтирди. Ўақытты да, талапты да қоя билди. Қайсы журналисттиң не жаза алатуғынына қарап, сол тараўға оларды бағдарлап барды.
Сол себепли дерлик көпшилик журналистлер ол ислеген дәўирде Өзбекстан көлеминде болып өткен бир қанша таңлаўларда жеңимпаз болды. Ҳәр бир хызметкердиң туўылған күнлеринде гүл, ақшалай сыйлықлар берип қуўандырыўды да умытпады. Сонлықтан болса керек редакция жәмәәти қандай қыйыншылықлар болса да мәрдана шыға билиўди үйренди. Қатал басшы болып, бизлерди сол дәўирде қыйналдырғаны менен бәримиздиң “зуўаламыздың писик” болып шығыўымызда оның үлеси барын бийкарлап болмайды. Он бир жыл даўамында газетаның шығыўында бас редактор сыпатында ўазыйпасын орынлаў менен бирге оның киргизген өзгерислерин де оқыўшылар сезип барды. “Бириншилик несийп еткен инсанлар”, Зульфия сыйлығының лауреатларының избе- излигин келтирип жазған мағлыўматларынан еле көпшилик пайдаланады. Идирис ағаның аўырғанын яки белиниң бүгилип, кеўлиниң қапа болып жүргенин сирә көрмегенбиз. Яғный, өзин қәдирлеўди билетуғын инсан. Шаңарағында да қатал ата екенин еситип, көбирек келиншеги Қызларгүл апа Утепованы гейде аяп қоятуғын едим. Шаңарақтың дизгинин услаўды толық мойнына алған ол ҳәмме ислерди өзи ислейтуғынын аңлап отырар едик. Үлкен сумкаларды көтерип базарда жүреди. Азанда-кеште ақлықларын бақшадан, оқыўдан алып қайтады. Оларды дөгереклерге еринбей апарады. Идирис ағаның еки ул, еки қызы бар. Бәри де шаңарақлы болған. Үп-үлкен улларын кешки саат 10 нан кейин кешигип келсе үйинине де киргизбес екен. Басқаларға уқсамайтуғын өзгешеликлер, барған жерлеринде кәсиплеслери менен төрде көпшик дастанып отыра бермейтуғын, гейде өзиники жөн деп тартысатуғын, бәрқулла ўақыт пенен жүретуғын сыяқлы минезине көнген Қызларгүл апа менен ул-қызларына бүгинлиги журт ҳәўеслене қарайды. Жүгинис, Гүлнара, Мэлс, Лиза бәри де жоқары мағлыўматлы болыўы менен бирге жипке дизилген моншақтай көзди қуўандыратуғын перзентлер болды. Мэлс үлкен лаўазымларда иследи. Ол 5-6 тилде емин-еркин сөйлей алады.
Бүгинги күни 13 ақлығы бар. Олардың алды университетти питкерип, жақсы жерлерде ислеп атыр. Ақлықларының бәри де саўатлы, оқымыслы.
Мақаланың басында айтқан тәриплеримниң бәрин устазым Идирис Қосназаров арқалы бирме-бир айтып бере алдым деп ойлайман.
Шынында да ол ҳәр тәреплеме бахытлы инсан.
Журналист, басшы әке, ата сыпатында да оның тасы бәрҳә тәрезиде басым келген.
Қәдирдан устазымыз Идирис аға Қосназаров еки байрамның аралығында, 14-март күни өзиниң 70 жасын шаңарағы, жақынлары менен күтип алды.
Қарақалпақстан журналистикасының раўажланыўына салмақлы үлес қосқан Идирис Қосназаров журналист дәрежесине жетсе де “болды, ислеримди ислеп болдым” – деп отыратуғын инсан емес. Өткен жылы оның “Халқым ардақлаған инсанман”, “Зәрүрли мағлыўматлар жыйнағы”, “Күлки – өмирди узайтады” атлы китапшалары жарық көрди. Еле қандай ислери менен халқын таңландыратуғынын биз билмеймиз. Ең тийкарғысы денсаўлығының арқасында бәрқулла ҳәрекетте. Тез-тезден редакцияларға келип турады. Мәсләҳәтлерин береди. Устаздың ғаррылық гәштин көрип, перзентлер менен ақлықлары алдында саў-саламат, аман жүриўине тилеклеспиз.
А.ТУРЕКЕЕВА.
