СҮМЕЛЕК – БӘҲӘРДИҢ ЕҢ ШЫПАЛЫ ТАҒАМЫ

Наўрыз байрамы – халқымыздың узақ өтмиши менен бүгинин байланыстырып киятырған миллий байрамымыз. Аўызбиршилик ҳәм татыўлыққа жәмлестириўши әжайып байрам. Әсиресе, жылына бир мәрте көпшилик болып сән–салтанат пенен таярлық көрилип, үлкен қазанларда писирип таярланатуғын сүмелек тағамының дәми таңлайыңда татыйды.
Бәҳәр дәстурханына сән берип келиўши сүмелек төмендегише таярланады.
20 килограмм бийдай тазаланады. Жуўып, 8 саат жыллы суўда бөрттириледи. Соң оны столға жаясаң. Сол турған жеринде күнине 2-3 мәрте суў себелеп турылады. Бул 3 күнде епке келеди. Бийдай өнеди. Өнген бийдай 3 сантиметрден узын болмаўы керек. Оннан үлкен болса ашшы болып кетеди. Өсирилген бийдай таяр болғанда бурын келиге түйер едик.
Ҳәзирги ўақытта гөш машыннан 2 рет өткерип алады. Ширеси сығып алынады, яғный өзинде шире болады. Ширели суў витаминге жүдә бай болады. Қызлар бетине жақса, тегисленеди. Сол ширени сақлап, былай алып қоясаң. Домалатып алынған бийдайға 2-мәрте және жыллы суў қуйылады. Ол суўды алып 3-мәрте және жыллы суў қуямыз. Бийдайдан алынған 2-3-суўлар електе ҳәм таза сийледе сүзиледи. Тазалыққа итибар бериў зәрүр. Сол суўларды қазанға қуйып, от жағылады. 20 килограмм бийдайға 60 килограмм ун қосамыз. Қолың менен унлар бирикпеўи ушын жақсылап араластырылады. Ун араластырып атырып, ишине 7 тас саласаң. Бул сүмелек писириўдеги ырым ҳәм түбинде қатпайды. Және сол суўға 15-20 ғоза салсаң да болады, ширели суў оған өтеди. Енди 12-13 саат тынбасқа былғайсаң. Астына қатып қалмаўы керек. Сүмелек писиўге 4 саат қалғанда 1-алынған ширеси қосылады. Сонлықтан да сүмелек палдай татлы болады. Бул айтар аўызға аңсат болғаны менен көп мийнетти талап етеди. Сүмелекти былғап турып, тилек тилесең, сол әлбетте иске асады екен.
Бир неше күн ҳәм бирнеше басқышларда таярланатуғын әжайып тағам – сүмелек қуўанышы Наўрыз байрамы шадлықларына уласады.
Улыстың уллы күни Наўрыз байрамы халқымызға мол ырысқы-несийбе, тынышлық ҳәм беккем аўызбиршилик алып келгей.

Жумагүл ЕМБЕРГЕНОВА.