Дүньяға келген, өмирден өз орнын тапқан ҳәр бир инсан туўған халқына, ўатанына ҳадал хызмет етер екен, демек, ел-журты алдындағы перзентлик миннетин
орынлағаны. Олардың айырымлары изинде еткен мийнетлери менен қол таңбаларын қалдырыўы арқалы, базылары тәбият инамы-талантлары менен өмирдеги өз сөзлерин айтқысы келеди. Әлбетте, кеўли таза, кишипейил, әдалатсүйер инсанлар ҳаққында қанша мақала, очерклер жазсаң да азлық ете береди. Бүгин биз, турмыстан көргени менен түйгени көп, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, Республикамыздың өсип-раўажланыўы жолында ат салысып киятырған, ели ушын туўылған ер, халқының ҳүрмет-иззетиндеги әжайып тулғаларының бири Үббинияз аға Әширбековтың басып өткен өмири, ис-тәжирийбеси, ел-журтына еткен пидәкерлик мийнети ҳаққында сөз етемиз.
Жәмийет ҳәм мәмлекетлик ғайраткер ҳаққында сөз етер екенбиз, көплеген жуўапкерли жумысларда ислеген, әдил, мийнетсүйгиш, туўрысөз ҳәм күшли тәртип-интизам ийеси Үббинияз Əширбеков әне усындай жоқары пазийлетлерге ийе, пидайы ҳәм ҳадал мийнетлери жоқары баҳаланып, оның теберик 80 жасын қутлықлап, 9-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президенти атынан Ҳүрмет жарлығы берилди.
Үббинияз аға Əширбеков Тахтакөпир районының ҳәзирги «Дәўқара» аўылында 1944-жылдың 21-апрель күни дүньяға келген. Ол 1961-жылы аўылдағы орта мектепти питкергеннен соң, Ташкент аўыл хожалығын ирригациялаў ҳәм механизацияластырыў институтының гидромелиорация факультетине оқыўға кирген. Оқыў дәўиринде болса, яғный 1964–1967-жыллары әскерий хызметин атқарып, 1969-жылы өз маманлығына ийе болған.
Оның дәслепки мийнет жолы ҳаққында өзинен билип алдық.
– Мен 1969-1970-жыллары сол ўақыттағы Қарақалпақирсовхозқурылыс баскармасының Қараөзектеги 23-санлы көшпели механизацияласқан колоннасында аға инженер, 1970-1971-жыллары «Қарақалпақсуўқурылыс» трестиниң Тахтакөпир көшпели механизацияласқан колоннасының өндирис техника бөлиминиң баслығы, 1971-жылдың май айынан баслап 12-санлы аўыллық қурылыс трестиниң Тахтакөпирдеги 51-санлы колоннасында бас инженер, 1973-жылдың ноябрь айынан баслап колоннаның баслығы болып иследим. Соң 1975-жылы Қараөзек районы дүзилиўине байланыслы оның ҳәкимшилик, мәдений, социаллық ҳәм өндирислик имаратлары қурылысын тезлестириў мақсетинде 1982-жылы август айында Ташкентке, бурынғы аўқамның қурылыс бөлимине инструктор лаўазымына шақырылып, 1984-жылдың октябрь айынан баслап Өзбекстан аўыллық қурылыс министриниң орынбасары болып иследим.
Сондай-ақ, пүткил бурынғы аўқам көлеминде экономиканың бир қанша тараўлары, соның ишинде аўыл хожалығы комплексинде де реформалар әмелге асырылып, улыўма аўыллық қурылыс министрлиги сапластырылғанда, 1986-жылдың февраль айында Қарақалпақстан Республикасының суў хожалығы тараўына басшылық етиўге шақырылып, Əмиўдәрья бассейниниң суў қорларын Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Өзбекстан Республикаларына бөлистирип бериўди шөлкемлестириўши уйым – «Əмиўдәрья» Бассейни суў хожалығы бирлеспесин (БВО «Əмиўдәрья») дүзиў маған тапсырылды. Бул шөлкемниң басқарма ҳәм барлық территориал бөлимшелерин (Тәжикстанда, Түркменстанда, Үргениште ҳәм Тақыятаста) дүзип, бул бирлеспениң келешек дәўиринде өндирислик ислерин шөлкемлестириўдиң техникалық ҳәм экономикалық тийкарларын (АСУБ Əмиўдәрья») енди ислеп шыққан мәҳәлде, яғный 1990-жылдың март айында өзимниң туўылған үлкем, Тахтакөпир районын басқарыўға жиберилдим. Бул жерде 1991-жылы мен дәслеп район Кеңес баслығы, кейин ала район ҳәкими лаўазымына сайландым. Сол ўақыттағы тез өзгерип, ҳәр қыйлы бағдарда пәт алып атырған сиясий ҳәм жәмийетлик өзгерислер барысында мениң 1992-жылдың 12-июнь күни Қарақалпақстан Жоқарғы Советиниң Баслығы лаўазымына сайланыўыма алып келди. Мен 1996-жылы декабрь айында аўыр бийтаплыққа душакер болып, денсаўлығыма бола, 1997-жылы июль айында бул ўазыйпадан азат болыўыма туўры келди. Кейин сол жылдың 1-октябринен 2013-жылдың 1-ноябрь күнине шекем Халықаралық Аралды қутқарыў Қоры Атқарыў комитетиниң Нөкис филиалы баслығы болып хызмет еттим. Ҳәзир нураныйлық дем алыстаман.
Ү.Əширбеков 1992-1997-жыллары суверенли Қарақалпақстан Республикасына басшылық еткен жылларын еслеп, ол «Өзбекстан Республикасының Биринши Президенти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баслығы лаўазымына тайынланғанында Өзбекстан Республикасының өз ғәрезсизлигин жәриялағанына жаңа бир жыл болып атыр еди. Республикамыз Президентиниң, жуўапкерли басшыларының алдында ғәрезсиз республиканың жаңа дүзимлерин турмысқа ендириў, Ғәрезсиз Өзбекстанды дүнья мәмлекетлериниң тән алыўына ерисиў, Арал машқалаларын шешиўге уқсаған қатар-қатар баслы мәселелер тур еди.
Мәселен, үлкен тарийхый әҳмийетке ийе ўақыяларды еслейтуғын болсақ, 1992-жылы 2-мартта ғәрезсиз Өзбекстан Республикасы БМШға ағза болды. 1993-жылдың 28-сентябринде БМШтың Бас Ассамблеясының 48-50 сессиясында Биринши Президентимиз сөзге шықты ҳәм үлкен еки машқалаға: 1. Арал машқаласына, 2. Орайлық Азия регионында қәўипсизлик, парахатшылық келисимин тәмийинлеўдиң кескин зәрүрлиги машқаласына жер жүзи халықларының дыққатын қаратты. Ол: «Мен биринши нәўбетте Арал теңизи апатшылығын дүньялық машқала қатарына қояман. Ол экологиялық, социал-экономикалық тәрептен ХХ әсирдеги ең үлкен апатшылықлардың бири. Соңғы бир неше жыл ишинде теңиздиң көлеми үш есеге қысқарды, суўда минераллар муғдары төртке көбейди.
Шаң, боран тәсири 500 км ҳәм оннан да алысқа кетпекте. Бул машқалалардың глобаллық жағдай екенлигин есапқа алыныўының ҳәм бул бойынша арнаўлы комиссия дүзилиўиниң тәрептарыман» – деди. (Р.Уразбаева. Халықаралық қатнасықлар тарийхы, оқыў методикалық қолланба, 10-бет).
Ол өзиниң халықаралық «Аралды қутқарыў» қоры Нөкис филиалына басшылық еткен дәўиринде, яғный 1997-2013-жылларда Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң ЮНЕСКО ЮНИСЕФ тараўлық ўәкиллери менен, халықаралық «Аралды қутқарыў» фондының басшы уйымлары менен халықаралық әҳмийетке ийе ҳәм елимиз ушын жүдә зәрүрли болған бир қанша жойбарларды әмелге асырғаны ҳаққында да айтып берди. «Қарақалпақстанда да Арал машқаласы бойынша БМШның басшылығында арнаўлы комиссия дүзилди. 1995-жылы 18-20-сентябрь күнлери Нөкис қаласында И.Кәримовтың усынысы менен БМШтың басшылығы астында Арал бойы аймағының экологиялық машқалалары бойынша үлкен халықаралық конференцияның табыслы өткерилиўин тәмийинледи. Теңиз алды сондай-ақ, «Мойнақ қолтығы», «Рыбачье», «Междуречье», «Жалтырбас» ҳәм «Судочье» оғада көлемли суў бассейнлериниң қурылысларын әмелге асыўына басшылық етип, республикамыздың барлық аймақларында гектар-гектар шорланған жерлерди егислик жерлерге айландырыўдан, халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеўден баслап, тәбиятты, тоғай қорларын, ҳайўанат ҳәм қуслар дүньясын қорғаў, фаунаны сақлаў, суў қорларын үнемлеп пайдаланыў, көбейтиў ҳәм басқа да усы бағдардағы үлкен жойбарлардың басы-қасында болғанын айтып өтти.
– Республикамыздың социал-экономикалық тараўларында жүз берген өзгерислер ҳаққында да тоқтап кетсеңиз….
– Сол жыллары бир катар унамлы өзгерислер жүз берди. Мәселен, Нөкисте «КАТЕКС», Елликқалада «ЭЛТЕКС» фабрикалары Нөкисте ҳәм Қоңыратта нан таярлаў кәрханалары және басқа да орынларда он бестен аслам киши нанбайханалар, Хожели шийше заводы, Үргениш газ өндириси узели сыяқлы кәрханалар жаңадан қурылса, Нөкис мрамор заводы түптен оңланды. Тақыятас Гидроузелиниң сегизинши блогы иске түсти. Булардың бәри сырт ел үскенелери менен үскенеленди. «Түйемойын» суў трассасы Тахтакөпирге шекем, тәбийий газ тармағы Мойнақ районы орайы, оннан ары «Үшсай» елатына шекем барды. Германия мәмлекетиниң жәрдеми менен Тахтакөпир районында күнине 2400 кубометр суў шығарыў қуўатына ийе суў тазалағыш үскенеси қурылды.
Сиясий тәрептен баҳа айтсақ, елимиздиң, миллетимиздиң келбети дүнья жәмийетшилиги алдында толық көринди. Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы, Герби, Байрағы, Гимни қабыл етилди.
Қарақалпақстанда мәмлекетлик басқарыўдың жаңа структурасы пайда болды. Усы жыллары Қарақалпақстанда Америка Қурама штатларының Сенат ағзалары, Германия басқа да мәмлекетлердиң жуўапкерли басшылары, Пүткил Дүнья Банкиниң Президенти мырза Джеймс Вуль-Фонсон зайыбы ҳәм орынбасары менен қонақта болды.
Мениң есимде Нөкис қаласына 5 мәмлекеттиң Президентлери келгенинде, сизиң аэропорттан күтип алғаныңызды телевизордан көрдик.
– Аўа, 1994-жылдың 11-январында Қарақалпақстан тарийхында биринши мәртебе Орайлық Азияның бес мәмлекетиниң Президентлери Нөкис қаласына келди ҳәм Арал машқаласы бойынша өткерилген конференцияға қатнасты. 1995-жылдың сентябрь айында жоқарыда айтып өткенимиздей, БМШ интасы менен үлкен конференция Нөкис қаласында болып өтти. Оған дүньяның 44 мәмлекетинен делегациялар қурамында 200 ден аслам қәнигелер қатнасты. Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм бир неше онлаған халықаралық шөлкемлердиң басшылары қатнасыўында «Арал теңизи бассейнин турақлы раўажландырыў машқалалары» атамасында Халықаралық Конференция өткерилип, онда пүткил дүнья жүзине (БМШ арқалы) мәлим етилген Нөкис Декларациясы қабыл етилди.
– Аға, сол дәўирдеги мәденият, илим, баспасөздеги жаңалықлардан да айтып берсеңиз?..
– Сол тоқсаныншы жыллары «Аму тонги» (усы күндеги Қорақалпоғистон тонги) газетасы өзбек тилинде шыға баслады. Бақсыларымыздан Турғанбай Қурбанов, Зияда Шариповалар Европа мәмлекетлери сахналарына шығып, ол тәреплерге биринши мәрте музыка ҳәм фольклорымызды танытты. И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейимиздиң ғәзийнелери тарийхта биринши рет дүньяның, Батыс Европаның көргизбе залларында экспозицияға қойылды. Қарақалпақстанның Мәденият күнлери Ташкент қаласында, Ташкент қаласының Мәденият күнлери Қарақалпақстанда болып өтти. Илимде айтарлықтай илгерилеў басланды.
Еки илимпаз Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясының ҳақыйқый ағзасы болды. География, юридика илимлериниң дәслепки докторлары өсип жетилисти. Бердақ атындагы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанынан филология бағдарындағы кандидатлық ҳәм докторлық илимий дәрежелерин жақлаў бойынша Қәнигелестирилген кеңес ашылды ҳәм дәслепки рет 1993-жылы Ю.Пахратдинов докторлық диссертациясын ылайықлы жақлап шықты. Қарақалпақстан Республикасында буннан басқа да табыслар қолға киргизилди.
Əлбетте, усындай ийгиликли ислердиң басы-қасында сол дәўирде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы ўазыйпасын атқарған Үббинияз Əширбековтың өзи турды десек қәтелеспеймиз. Нураный ағамыз ҳәзир ҳүрметли мийнет дем алысында. Талантлы адам талмайды, ол бир қанша илимий мийнетлердиң поэтикалық шығармалардың авторы.
Оның баспасөз бетлеринде экологиялық машқалаларға байланыслы мақалалары, поэтикалық шығармалары менен жәмийетшилигимизге жақыннан таныс бир неше китаплары баспада жарық көрди. Онда гөззал туйғылар, инсаныйлық пазыйлетлер, жигерли, салдаманлы, озық ойлы кең көкирек шайыр қәлби, ел перзентиниң образы сәўлеленди.
Бир мысал, Ү.Əширбековтың «Ўатан топырағы» қосықлар топламын ашып көрсеңиз, қарақалпақ халкының тилиниң байлығына, гөззаллығына ҳайран каласыз. Бир қанша қосыкларына намалар жазылып, белгили қосықшылар тәрепинен атқарылып киятыр.
Оның көп жыллық мийнетлери ҳүкиметимиз тәрепинен ылайықлы баҳаланып, ол «Дослық» орденин ҳәм «Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен ирригатор» ҳүрметли атағын«Ардақлы нураный» көкирек нышанын алыўға миясар болды.
Республикамызда минсиз хызмет етип абырай арттырған Ү.Әширбековтың өмири ҳәм мийнет жоллары көпшиликке үлги болары сөзсиз. Ағамыз ҳаққында айтқан сөзлеримиздиң бул ақыры емес. Бул әжайып инсан ҳаққында қаншама жазсақ та кемлик ете береди. Ү.Әширбеков бүгинги күнде де жасларға қымбатлы кеңеслерин берип, еле де узақ жыллар даўамында устазлық ете береди деп исенемиз. Оның теберик 80 жыллық юбилейи менен қутлықлай отырып, беккем денсаўлық тилеп, Қарақалпақстан халық шайыры Толыбай Қабуловтың буннан 20 жыл алдын, ағамыздың 50 жыллығына арналған қутлықлаў қосығы менен жуўмақлағымыз келди.
Қабылланып елдиң байрақ, герби,
Гимнде жаңлап атыр тәрийпи.
Əдалатлық бүгин қайта тикленип,
Имләға келип тур латын ҳәрипи.
Пәрманның бәринде сениң қолың бар,
Жақсы нийетиң бар, әдил жолың бар.
Елим деген ерлер сендей-ақ болар,
Тарийхқа қосқан көп алтын қорың бар.
50 жасың қутлы болсын халкыңа!
Бахтың өрлеп, даңқ қосылсын даңқыңа!
Елге еткен еңбегиңниң барлығы,
Ҳүрмет жарлық болып шықсын алдыңа!
Миясар ҚАБУЛОВА,
Өзбекстан Журналистлер аўқамының ағзасы.
