ШАЙЫРЛАР СУЛТАНЫ

Поэзия гәўҳары өзиңсең ата,
Бүгин толыпсаң 95 жасқа,
Әўладларың сени умытпас ҳасла,
Аязий боларсаң бизге бәрҳама.

Мен де жазғым келди сен ушын қосық,
Қолға қәлем алып кеўиллер йошып,
Толқынланып гә ушып, гә қонып,
Шайырлар султаны Ибрайым ата.

Сөзлериң маңызлы кеўилге жаққан,
Гәўҳар таслардан дүрлерин шашқан,
Ал бүгин белгиленип 95 жасты,
Шайыр ата мудам ядымыздасаң.

Ҳасыл тастан, ақыл жастан шыққан деп,
Бүгин әўладларың сени уққан деп,
Қосықларың кеўилден орын алған деп,
Шайыр ата мудам ядымыздасаң.

Қосықларың бәршениң тилинде жайнар,
Ибрайымнан болсын деп, кеўиллер сорар,
Тилимизден кеўлимизге сөзлериң қонар,
Қәлбимизден мудам орын алғансаң.

Шайырлар ҳасылы өзиңсең ата,
Мақтаўларға арзыйсаң сен соншама,
Жүректен дөрелер сен ушын нама,
Сендей инсан және бар ма дүньяда?

Және бир Аязий дүньяға келсе,
Сизиң изиңизди даўамлап жүргизсе,
Қарақалпақ аты шыққан бир елде,
Бизге сизди мудам және еслетсе.
Бийбисәнем ЖАББАРБЕРГЕНОВА,
Ташкент Педиатрия медицина институты 2-курс магистранты.