Базарбай Атамуратов 1954-жыл, 15-майда Кегейли районында туўылған. Бурынғы Нөкис мәмлекетлик университетиниң биринши питкериўшилериниң бири саналады. Кейин мектепте физика-математикадан оқыўшыларға сабақ оқытты.
Пүткиллей басқа кәсипте ислесе де, көкиреги ояў Базарбай аға қосықлар жазып, халыққа шайыр болып танылды.
Оның авторлығында «Талпыныс» – 2013ж, «Татлы туйғылар» – 2016ж, «Қыздыр қуяш қәлбимди» – 2023 ж, атамасындағы китаплары шықты. 2019-жылдан баслап Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы.
Бизиң газетамызға да өзиниң оқыўшыларға ой саларлық қосықлары менен қатнасып туратуғын Базарбай Атамуратов быйыл 70 жасты қарсылап атыр.
Газета редакциясы жәмәәти атынан шайырды қутлықлап, оның еле сыясы кеппеген жаңа қосықларынан сизлерге усынбақтамыз.
Редакция.
Ылайладың тынық ойымды,
Сениң менен қурдым ойынды,
Көрсетпейсең енди бойыңды,
Қайда қалдың, гөззал жаслығым.
Тулпар киби шабысларың жоқ,
Толқын болып ағысларың жоқ.
Нур жамылған жағысларың жоқ,
Қайда қалдың, гөззал жаслығым.
Қыздырмайсаң, яки қызбайсаң,
Шаўып келип топты бузбайсаң,
Жүрегимде сонша музлайсаң,
Қайда қалдың, гөззал жаслығым.
Күш-ғайраттан жуда болдың ба,
Қайғы-муңға, дәртке толдың ба,
Қазан урып, гүлдей солдың ба,
Қайда қалдың, гөззал жаслығым.
Сениң менен бахтияр едим,
Шоқлығыңды жақтырар едим,
Хызметиңде тақ турар едим,
Қайда қалдың, гөззал жаслығым.
Хабарым бар қайтып келмейсең,
Мәгар енди бизди көрмейсең.
Кеўилимде сирә өлмейсең,
Хош әлўидағ! Хош бол жаслығым!
ИНСАП БЕР ӨЗИҢ
Күшлимен деп женшип кетпесин,
Ҳайўаныйлық исти етпесин,
Журтты қыйнап, журтты сөкпесин,
Ондайларға инсап бер Алла.
Болсын бирдей, теңдей ҳәммеге,
Инсап пенен берсин ҳәр неге,
Ҳақтан қорқып, келсин тәўбеге,
Иймансызға инсап бер Алла.
Менменсинген ҳатамтайларға,
Дүньясы көп ширик байларға,
Көзи тоймас, иши тарларға,
Яратқаным инсап бер өзиң.
Дүнья дейип жанды қыйнаған,
Есап-сансыз малды жыйнаған,
Ишип-жеўге көзи қыймаған,
Сықмарларға инсап бер өзиң.
Сапырыстырған аққа қараны,
Туўысқаннан ашып араны,
Зар жылатқан ата-ананы,
Перзентлерге инсап бер Алла.
БУЛАҚ БОЛАЙЫН
Ушқалақ болмайын, қаңбақ болмайын,
Салдамлы болайын, суйық болмайын,
Бийик таў болайын, минар болайын,
Бирақ таў басындай суўық болмайын.
Пасыллар ишинде, жыллар ишинде,
Жазда суўлы, қыста қарлы болайын.
Адамыйлық, инсаныйлық исимде,
Намыслы болайын, арлы болайын.
Қәтқудалық гәп тийискен ўағымда,
Бир сөзли болайын, езбе болмайын,
Жетписиме жаңа минген шағымда,
Жасүлкен болайын, жезде болмайын.
Бизди панаҳыңда сақла қудайым,
Қәўиптен, қәтерден жырақ болайын,
Жыллы жүреклерге, жыллы кеўилге,
Ағытылып турған булақ болайын.
ӨМИР БӘРИН СЕННЕН ҮЙРЕНДИМ
Сырласыўды, муңласыўды да,
Шайнасыўды, шайқасыўды да.
Гүресиўди, айқасыўды да,
Өмир бәрин сеннен үйрендим.
Жумсақлықты, қаттылықты да,
Қайсарлықты, ғайбарлықты да.
Жақсылықты, жаманлықты да,
Өмир бәрин сеннен үйрендим.
Бай болыўды, байлық топлаўды,
Ажырықлы жерде отлаўды.
Ҳақ адамды қәйтип баплаўды,
Өмир бәрин сеннен үйрендим.
Кеўиллерди гүл-гүл етиўди,
Қыз кейнинен қуўып жетиўди.
Сынаўлардан сынбай өтиўди,
Өмир бәрин сеннен үйрендим.
Базарбай АТАМУРАТОВ.
