Мениң әкем
Шаңарағымыз жүдә үлкен еди. Анам он ул перзенттиң арасында дүньяға келген қыз болған соң, мен туўылғанымда өзине жәрдемши болады ҳәм қызбала деген ата-анасына өзгеше бахыт сыйлайды деп қуўанған шығар. Бирақ, мен «әкемниң қызы» болдым. Әкем ҳәрдайым жумыстан жүдә кеш қайтатуғын болғанлықтан, ол ўақытта ағаларым уйықлап қалатуғын еди. Ал, бизлер анам екеўмиз әкем келгенше ояў отырамыз. Шаршағаннан көзин зорға ашып отырған әкем,
– Не гәплер? – деп сорағанында, анам негедур:
– Тынышлық, – деп, әпиўайы ғана қылып жуўап берип қояды.
– Неге әкемнен үйде болған ҳәдийселерди жасырады екен? – деп анама ашыўым келетуғын еди. Себеби, ағаларымның тамашалары жүдә көп еди-дә!
Бир күни әкемниң қулағына әсте ғана:
– Анам сизди алдап атыр, – дедим. Кейин анам бир жумыслары менен сыртқа шығып кеткенинде әкеме күндиз үйде болған ҳәдийселердиң бәрин қалдырмай айтып бердим. Нәдир ағам қоңсы бала менен төбелесип, мурнын қанатқанын, Насыр ағам үйде бағып атырған қоразымызға шийки гөш бергенин, Қадир ағам қойларға шөп алып киятырып вилосипединен жығылып, дизесин жарақатлап алғанын, қулласы, еки нан сорап келген қоңсының ким екенлигине шекем ҳәммесин айтып бердим. Буларды еситкен әкемниң түри бирден өзгерип кетти. Есиктен кирген анамды әкем жақсылап жазалайды, деп ойлап едим, бирақ әкем олай ислемеди. Бәрқулла әкемниң ғамын ойлап жүретуғын анам:
– Ҳаў, әкеси, қанбасымыңыз көтерилип кетти ме, деймен! Аш қарынға бирден қамыр аўқат жегенге аўырлық етип атырған шығар?! – деп, дәри қутыға жуўырды. Қатық, дәри ишип бираз өзине келгеннен кейин анама:
– Мен нан табыў ушын өлип-талып жумыс ислеп жүрмен! Ал, сен үйдиң қыбыр-жыбыры менен бәнт болып, мына балаларға дурыслы тәрбия бере алмай атыр екенбиз! Биреўи биреўин урып мурнын қанатады. Биреўи барымызды далаға шашады. Туўысқан болып бир-бирин қорғап жүриўдиң орнына өзли-өзи мушласып, қасындағы балларға күш көрсетип жүрсе! Мен болсам усыларды аш қылмайын деп түн ярымына шекем «ийт силикпем» шығып ислеп келемен. Ал, булар үйде бар гөшти таўыққа берип отырса! Ертең булар қандай адам болады?! Бас аўырса, қанбасымы көтерилсе оның даўасы бар. Бирақ, бундай ақмақ балалардың ҳеш даўасы жоқ. Бүйтип жүре берсе булар сирә адам болмайды. Бар қызым, әжағаларыңды оятып қайт! – деди.
Анам еки қолын муш етип, бирин-бирине урып маған ымлап, кейиди. Соннан кейин аўырып қалған әкем үш күнге шекем жумысқа шыға алмады. Ал мен, анам не ушын әкемниң берген сораўына «Тынышлық» деп жуўап бергениниң себебин аңлап, ислеген исиме өкиндим. Балаларының унамсыз ислерин билип, аўырып қалған әкемди қатты аядым.
Кейин… кейин болса, әкем келгенше уйықлап қалмаў ушын китап оқып отырған, шарбағымыз шетине өзлери ислеген бокс майданшасында шынығыў ислеп жүрген, жыртылған аяқ кийимин өзи тигип отырған әжағаларымды көргенимде, өзимниң қылған исиме ишимнен қатты қуўанар едим.
Бир күни
Бала ўақтымызда әкемниң жумыстан келиўин уйықламай күтип отыратуғын едим. Әкем күндиз қала ишинде автобус айдаса, гей ўақытларда екинши жумысында түнги нәўбетшиликте қалғанлығы себепли үйге ертесине азанда келетуғын күнлери де болар еди.
Мийнет қолларын қатайтқан әкемниң адамларға ислеген жақсылықларын миннет етип айтып отырғанын ҳеш еслей алмайман.
Әкем жумыстан келгенинде қолына суў қуймай турып, алақанларын ҳәр ийискелегенимде:
– Майдың ийиси шығып турған қолларымды ийискелеўди жақсы көресиз я қызым?! – деп шадланып кетер еди.
Бир күни әкем үйге қуўанып келди. Дәстурханға аўқатты қойып атырған анама қарап:
– Ертең, автобазда жыйналыс болады екен. Мени бөлим баслығы шақырып:
– Сизди хошаметлеўши сыйлыққа жаздық. Соған ертең жақсырақ кийинип келиң, Сиз Андижан ўәлаятындағы ең биринши автобус айдаўшы екенсиз. Ташкенттен үлкен баслықларымыз киятыр, сизге өз қоллары менен сыйлық тапсырады, – деди.
Усы сөзлерди айтып отырған гезде әкемниң көзинен өзгеше бир қуўаныш ҳәм нурды көрдим. Қыял сүрип түни менен уйықлай алмадым.
Әкеме үлкен саўға берсе, өзи аўырыўдан турған адам көтериўге қыйналып қалмас па екен – деген ойлар қыялымнан өтип кетти. Яғаў, ақша беретуғын шығар … Бала екенмен дә! Кө-ө-п ақша берсе не аламыз деп ойлап жатқанымда ақыры таң да атты. Әкем азанда таза кийимлерин кийип, үйден шығып баратырғанында, қолынан услап:
– Аға кешикпей келиң, мен сизди далада күтемен, – дедим. Ҳақыйқаттанда күттим. Күн аўа баслады. Көшениң басынан әкемниң автобусы көрингеннен баслап жуўырып барып миндим. Әкем қуўанып, қолындағы үлкен каробканы маған услатты. Үйге барып, шаңарақ ағзаларымыз бенен ҳәммемиз бир бөлмеге жыйналып саўғаны ашыўға киристик. Мениң қушағыма зорға сыйған үлкен жылтырақ каробканың ишинде ағашдан исленген кишкене ғана ойыншық айыў бар екен. Көзлериме исенбей каробканың ишине және бир мәрте үңилдим. Айыўдың аяғы орнатылған ағашта жазыў жазылған еди. Айыўды қолыма алып оған қандайда бир өкпе менен қарадым. Түни менен уйқымды қашырған ойларымды ата-анам ҳәм ағаларым сезип қалмасын дегендей саўғаны орнына қойыўға асықтым. Бирақ, көзине кешегидей тик қарай алмас едим. Негедур ҳеш ким үндемеди. Тек бир ағам ғана:
– Айыў бийкарға пал салынған бочка көтерип турған жоқ. Бул үйимизге байлық алып келеди дегени шығар, – деди. Айыўды төрги жайдағы текшеге қойдық.Сол айыўды ҳәр көргенимде әкемниң аяғына басымды қойып, бар даўсым менен жылағым келетуғын еди. Солай етип бир күнлери ағаларым әкемниң туўылған күнине дийўал саатын саўға етти. Бир ўақытлары жылтырақ, үлкен каробка менен саўғаға келген айыў да сол сааттың үстинен орын алды. Кишкене ойыншық айыў ҳәр қашан әкеме қарап нәзерин алмай турар еди. Қырық жыл ҳәтте оннан да көбирек ўақыт әкемниң ең жақын достындай қасында болды. Төрт ағам төрт жаққа тарқады. Қызбала болған соң мен де тәғдирдиң етегинен услап шегим түскен тәрепке кеттим. Айыў болса, әкемниң қасында қалды. Биз кетсек те ол кеткен жоқ.
Ол әкем жайнамаздың үстинде бизлердиң тилегимизди тилесе де, сиңлим наўқасланып қалып, әкемниң көзинен жаслар қуйылғанда да, тәғдир сынаўларына ушырасқанда да, өмирдеги ҳәрбир жақсы жаңалыққа қуўанғанда да қасында болды.
Бир күни әкем мени қасына шақырды. Қолына сол ойыншық айыўды услап турып, – Қызым, мен сизлерге тәрбия бердим, бахытлы болыўыңыз ушын жанымды пидә етип мийнет еттим. Ақ пенен қараны таныттым. Сизиң белгили шайыра болыўыңызды Алладан тилеймен ҳәм соннан үмит етемен… Қартайдым. Тоқсанға жақынласқан адамға исеним жоқ. Сизлерге бөлип беретуғын аршам да, байлығым да жоқ. Сизге усы айыўды бермекшимен. Еле де жаны жоқ екен, шыдады. Енди бул айыў сиз бенен бирге болсын. Мен оның менен сөйлесип, еркелетип туратуғын едим. Ишиң дәртке толып кетпеди ме, деп аўҳалын сорап қояман. Сиз де солай етиң. Әкемниң ярым әсирлик досты деп қәдирлең, – деди.
– Ўаҳ әкежаным-әй!!! Усы бир ойыншық қурақым сизге сырлас бола алмаған қызыңызды кешириң. Мени кешириң, ӘКЕЖАН…
Мунаввара Усмонова, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, «Саодат» журналының Бас редакторы, шайыра. Аўдарған: Гүлайым Қуўанышбаева.
