Жаз келди

Жадыраған жаз мәўсиминиң өзине тән гөззаллығы көз қуўандырады. Жол бойында рәңбәрең ашылып, қулпы дөнген гүллер менен «сырласқан» гүбелеклер сайранының өзи жаз сейилине мирәт еткендей. Ерте бәҳәрде ушып келип, уя қурған қуслар да өз палапанларын алып шыққан.

Жаз шадлығы әсиресе балаларды әжайып бахытқа бөлейди. Оқыў ҳәм шынығыўлардан бираз шаршаған балалар енди үш ай өзлери қәлегенинше дем алады. Тек жаз айында ашылатуғын суў бойындағы заўықлы дем алыў орынларын айтпайсыз ба?! Балалар жазғы дем алыў орынлары да өз дем алыўшыларын күтеди. Көпшилик адамлар жазға өз режелерин дүзеди. Базылар қурылыс жумысларына кириссе, айырымлар курорт ҳәм санаторияларда дем алып, өз саламатлығын беккемлеўге қолай пайыт деп есаплайды.

Жазда өз жақынлары, шаңарағы менен жасыл тәбият қушағында болыў ҳәммеге де унайды. Қәнигелердиң айтыўынша, жаз паслы инсан организми ушын айрықша орын тутады. Саламатлық ушын зәрүр болған D витамини қуяш нуры менен инсан организмине өтеди. Қуяшта өз муғдарында күйиў (қыздырыў) ревматизм кеселлиги менен аўырғанлар ушын жүдә пайдалы екен.

Үй бийкелери болса, қыс ғамын жазда көр, – дегендей жазғы писикшиликте мийўе-палыздан банка бастырыўға кириседи. Бағман ҳәм дийқанлардың да жарықлық жаздан үмити көп. Ерте писер ерик, шийе ҳәм қырық күнлик жамбылшаларын жыйнаўға кирискен. «Гүрбектиң алды торға отырды» дейди қуўанып. Жаздың пайызы – писикшилик. Жемисиң де, шадлығың да мол болсын, гөззал жаз!

Жумагүл ЕМБЕРГЕНОВА.