Нөкис қаласында жайласқан «Арал» балалардың дем алыў ҳәм саўалландырыў орайында биринши гезек бойынша бүгинги күни 84 бала кеўилли дем алмақта. Бул жерде балалардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўи ушын көплеген қолайлы шараятлар жаратып берилген.
Атап айтқанда, орайда ҳәр қыйлы спорт секциялары, шебер қоллар, музыка, робототехника дөгереклери ислеп тур. Музыка дөгерегине жас қәниге Ҳүрзада Оразханова басшылық етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
