Қызықлары көз алдыӊнан кетпейди,
Ойынларсыз ҳеш бир күниӊ өтпейди,
ϴмир мәўсимлери турар алмасып,
Қәйткенде де балалыққа жетпейди, – деп шайыр жазғанындай, шынында да, балалық инсан өмириниӊ еӊ татлы, еӊ гөззал ҳәм умытылмас мәўритлери саналады. Көпшилик жағдайда оныӊ қәдир-қымбатын арадан ўақыт өтип, өмир дәрьясынан қанша суўлар ағып өткеннен кейин тереӊнен сезинип, қатты сағынатуғынлығымыз ҳақыйқат. Және бир мәртебе бахытлы балалыққа қайтыўды күтә аӊсаймыз, сол қайталанбас дәўирде басымыздан кеширген қызықлы ўақыя-ҳәдийселерди еслеп отырамыз.
Балалық демлериниӊ инсан кеўлин өзине буншелли дәрежеде ерксиз сыйқырлап алатуғын күши неде екен деп көп ойланаман. Мениӊше, бул бала қәлбиниӊ булақ суўларындай мөлдирлигинде, бийғубарлығында, сүттей пәклигинде болса керек. Кишкене балалардан қалай жасаўды үйренсек арзыйды. Олар өмирге, дүньяға пәк нәзер менен қарайды. ϴзлери қандай пәк, периштедей болса, қылықлары, арзыў-әрманлары да сондай пәк ҳәм гирбиӊсиз. ϴмир гүллери әтирапымызда жүз беретуғын ҳәр бир ўақыя-ҳәдийседен үлкен заўық алып, шын жүрегинен қуўана алады. Аппақ кеўиллеринде өкпе-гийне сақламайды, ҳеш қашан өзгелерге жаманлық ойламайды. Олардыӊ жасына сай жарасықлы садалығы, ҳадаллығы, сүйкимлилиги кеӊ дүньяны безеп, жасартып, көркейтип турса керек.
ϴзим тәрбияшы болып ислегенликтен балаларды жүдә жақсы көремен. Мектептеги оқыўшыларым өз балаларымдай болып қалған. Оқыў дәўиринде жатақханада жатыўшы оқыўшылардыӊ тәлим-тәрбиясына, сабақларынан үлгериўлерине дыққат аўдарып, үй тапсырмаларын таярлаўына жәрдем берип, қадағалап бараман. Сабаққа үлгери төмен оқыўшылар менен ислесип, олардыӊ пәнлерден жақсы баҳаларды алыўлары ушын ўақыт ажыратып, жалықпастан шуғылланыўға умтыламан.
Ҳәзирги күнде сүйикли оқыўшыларым жазғы дем алыста. Оларға баўыр басып қалғанлықтан оқыў басланаман дегенше сағынып, имкан тапқандай болсам социаллық тармақлар арқалы байланысып, дем алыс мәўритлерин мазмунлы ҳәм кеўилли өткериў бойынша ақыл-кеӊеслеримди берип тураман.
Балалар менен ислесиў өмиримниӊ мазмунына айланған. Олардыӊ тәлим-тәрбиясына кеўил бөлип, жақыннан сырласыў арқалы турмыс тәшўишлерин умытып, күш-қуўатым артып, өмир гөззаллықларын сезине беремен.
Сөзимниӊ жуўмағында өмириздиӊ даўамшылары болған жаннан әзиз болған балаларымыздыӊ келешекте Ана-Ўатанымызға ҳадал хызмет етиўши кәмил инсанлар болып жетилисиўине шын кеўилден тилеклеслик билдиремен. Олардыӊ гирбиӊсиз кеўлин, аппақ арзыў-нийетлерин қәстерлеп сақлайық.
Амангүл МАШАРИПОВА,
И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебиниӊ тәрбияшы-педагогы.
