Ҳәзирги ўақытлары күнниң ыссы болыўна байланыслы көпшилик пуқараларымыз арнаўлы бассейинлерге ҳәм шомылыў мүмкин болмаған жерлерге барып шомылып атыр. Бирақ, тилекке қарсы шомылыў қағыйдаларына толық әмел етпей мәс ҳалында ҳәм қызып барып суўға түсиўлери себепли ҳәр турли кеўилсиз жағдайлар жүз бермекте.
Бақланып атырған бундай жәзийрама күнлерде биринши нәўбетте басты қуяш нурынан сақлаў әҳмийетли. Себеби, бас мийинен үлкен артерия, вена қан тамырлары өткен болып, күнниң ыссы ўақтында жалаңбас жүргенде бас ысып, пүткил денеде ыссы қан айланып, күн өтиўине алып келиўи мүмкин. Буның ақыбетинде дене температурасы көтерилиўи, териниң қызарыўы, ҳалдан тайыў, дем алыўдың ҳәм пульстиң тезлесиўи, жүректиң тез урыўы, бас аўырыўы, бас айланыўы, кеўилдиң айныўы, қайтарыў, естен таныў жағдайлары бақланыўы мүмкин.
Соның ушын күн өткен адамды дәрҳал сая жерге жатқарып, үсти-басын шешип, муздай суўға төсенгишти ҳөллеп пүткил денесине оралады, сүлгини муздай суўға ҳөллеп басына қойылады. Мойын ҳәм қолтыққа муз қалташалары қойылса, пайдасы болады. Наўқасқа аз-аздан суйықлық ишкизиледи ҳәм дәрриў тез жәрдем шақырылады. Тез жәрдем жетип келгенше жоқарыдағы усыллар даўам еттириледи.
Алдын алыў ушын илажы барынша күнниң биринши ярымында бас кийим кийип жүриў, күнлик аўқатланыў рационы болса жеңил сиңиўши тағамлар ҳәм де мийўе және палызлардан ибарат болыўы, көбирек суйықлық ишиў керек. Кофе, мазалы газленген суўларды ишиў мақсетке муўапық емес.
Ҳаўаны жақсы өткерип, қуяш нурын қайтаратуғын, кең етип тигилген ҳәм денеге жабысып турмайтуғын кийимлерди кийиў шәрт. Сондай-ақ, кийим таңлаўда таўардың реңине де итибар бериң. Қара ҳәм қоңыр таўардан тигилген кийимлер өзине ыссылық ҳәм қуяш нурын көп тартады, ақ реңли таўардан тигилген кийимлер болса ыссы ҳәм қуяш нурын қайтарыў қәбилетине ийе.
Усындай кеўилсиз жағдайлардың алдын алыў мақсетинде пуқараларымыздан ҳәм жас балалардың ата-аналарынан сорап қалған болар едик, арнаўлы орынларға барып шомылыўды ҳәм шомылыў мүмкин болмаған жерлерге барып шомылмаўын ҳәм де келешегимиз болған перзентлеримизди өзлерин шомылыўға жеберип итибарсыз болмаўын сораймыз.
Жамал Наурызбаев,
Uz-Kor Gas Chemical» МЧЖ ҚК оңың қурамындағы объект ҳәм имаратларда өрт қәўипсизлигин тәмийинлеўди шөлкемлестириўди профилактика ҳәм қадағалаў бөлимшеси өрт қадағалаў профилактика бойынша инспекторы аға лейтенант.
