Төрт келиншек ҳәр күни еки саат көрисип, өзлери ойлап тапқан үскенелерин көрсетип, мақтанады. Гүлмира өзин Гу, Муҳаббат Му, Айжамал Ай, Салима Са деп атайды. Аўылдағылар усы Гу Му Ай Са десе жүреклери арқаға тартып кетеди.
– Енем маған сөйлесе сөзлери өзине қайтаратуғын үскенемди еле де күшейтиўим керек.
– Қойшы, Ай, баяғы жаратқан гөне-көксиңди айта берме.
– Ҳәй Му, өзиңдики де әлимсақтан қалды. Сен айтқан гөне-көксини ойлап тапқаныма 2 күн болды. Атаңа, күйеўиңе қарсы тынбай ислететуғын үскенең де модада емес.
– Буған енди 1 күн болды.
– Қызлар, мен ҳәзир ғана енеме ҳәмме исти ислейтуғын үскенемди жаңасына алмастырдым. Билесиз изли-изинен үш перзентли болдым. Соларды бағыў, кишкенесин емизиўди де енемниң пайына қоймақшыман.
– Туўры ислейсиз қызлар, бурынғы заманлары жас келинлерди қулдай ислеткен. Азанда орнынан турыўдан қолына сипсе услатқан. Сыйыр саўыў, нан жабыў, кир жуўыў, төрт-бес бала туўыў, сыртқы ошаққа тамақ асыў, түў айта берсең, изи таўсылмайтуғын ислерден аўыл ҳаяллары тез қартайып, қоллары қырқ жарық болып кеткен. Ҳәзир шүкир, инновация әсири. Бизлер қусап соннан туўры пайдаланып атырғанлар қанша. Сол ҳәмме жумысларды асып кетсе 10 минутта ислейтуғын үскенелерди күйеўим ашыўы келип сындырыпты. Үскене бетине атылып кетип, енди ол емлеўханада жатыр.
– Бизиң үйдегилерге ҳеш бир үскенениң күши жетпей атыр. Олар да тис-тырнағы менен «қуралланған». Мен үскене қоссам, оған қарсы түймени басады. Соның менен күйип кетеди.
– Дым жуўассаң Гу. Енди бәри-бир оларды жеңиўимиз керек. Сол ушын Гу Му Ай Са деген үскене үстинде ис жүритемиз.
– Ол қандай болады Ай?
– Соны ойласамыз деп шақырдым.
– Туўры, төртеўмизден бир идея шығар, әйтеўир.
– Қызлар, ол сондай үскене болсын, бәримизге бир жерден турып хызмет етсин.
– Са бәлесең, бир точка менен төрт қәйин ене, төрт атаны басқарамыз дейсең ғой.
– Билмедим-аў, олар да қарап турмаса керек. Ата-аналары ушын күйеўлеримиз бизлерге қарсы үскене жарата алады.
– Дым садасаң да, Му. Ҳәзир ино әсири. Барлық нәрсе алақандай кишкене үскенеге орнатылады.
– Сонда қызлар бул үскене кимниң үйинде турады. Бир үйден турып басқарыла ма?
– Оны нусқалап аламыз да өзлеримиз бенен алып жүремиз.
– Алақандай болса дым үлкен. Оны кишкене, жиңишке етип ислеў керек. Бармағымызға тағып жүремиз.
– Ол пикириңе қосыламан. Бурынғы ҳаялларымыз жүзик дегенди тағатуғын болған. Ҳәзир олар модада емес.
– Сорама, қулағына да бир бәлелерди илдирген. Саат дегенди тағып жүрген. Бет-аўзын бояп алатуғын болған. Ҳәзирги адамлар ақыллы. Артықша қәрежет жумсамайды. Пул, тийин дегенлердиң орынларын ийелеген бир түйме бар. Бәри заманагөйлести.
– Онда басладық. Кишкене телефонның бетиндей нәрсени алды да точкасын басып, еки секундта бир нәрсени иследи. Бурынғы келин-күйеўлердиң тағатуғын неке жүзигинен де жиңишке нәрсе пайда болды. Қолға таққанда көринбейди. Қолдың реңиндей пластмассаға усаған үскене таяр болды. Оны сол қурылмаға басып еди, және үшеўи пайда болды. Төрт келиншек үйлерине қайтты. Үйде ислейтуғын ҳеш бир жумыс жоқ. Бийкаршы. Бирақ, олар арықтан келген. Бул дәўирдиң адамларының келбети, бет-сыны бирдей. Үстине де бәри бирдей кийимге уқсаған саўыттай нәрселер кийип алған. Басқа артық-аспай нәрселери жоқ. Шашы да бир тегис келте, көгис-қара. Бурынғы келиншеклердей барын үстине илдирип, үлкен сумкаларды толтырып алып жүрмейди. Дүканның өзи жоқ. Бәри үйиңе автомат тәризде келеди. Тек ҳақысы бир түйме. Көп затларды қыяллар арқалы басқарады. Ата-бабалары ертек оқый бергенге усы заманға келип, ертеклер ҳақыйқатқа айланған. Қыялыңнан нени қәлесең сол алдыңда пайда болады.
– Бурынғы адамлар өзлерине айрықша тәшўиш арттырып жүрген ғой. Пул деген қағазға өш болған. Той-мереке деп күни-түни жуўырған. Жанын қыйнап жумыс ислеген. Бир-бири менен жаўласқан. Ата-бабалар не деген сада болған – деп ойлады Ай қолындағы үскенени сыйпалап отырып. Арадан көп ўақыт өтпеди.
Ўақыт та тез өтпейди. Бурын 24 сааттан 17 саатқа түскен болса енди 5 саатқа көбейди. Бели бүкирейип, аяғын сүйреп басқан адам жоқ. Бәри жап-жас, бетлерине жыйрық түсип, шашлары ағарыў дегенди билмейди. Негизи адамды аўыр мийнет, жетпеслик, тәрбиясыз перзент қуртады екен. Қайғы-ғам болмаған соң ҳәмме жер тынышлық. Күйдирип атырған күн жоқ, төрт пасыл болып гә ыссы гә суўық болмаса. Егин егип, қолың қабармаса. Адам жасармай не қылады?!
Автоматластырылған затларды да пайдаланыўға еринип, аўылдың келиншеклери усы үскенени ойлап таўып атырғаны. Келиншек деп атырған Гу Му Ай Са ның жаслары 200 ден асқан, ата-енелери 300 жастан өтсе де еле тәндар. Бурынлары қудайдың қутлы күни дүнья жүзи бойынша қанша адамлар өлер еди. Өлим себеплери де ҳәр қыйлы. Ҳәзир өлим деген жалмаўыз бундай адамлардан қорқып қашып кеткен.
Гейде мың, еки мың жаслы ғарры-кемпирлердиң өлип атырғаны болмаса өлимшилик жоқтың қасы. Сол себепли қойымшылықлар да жоқ. Емлеўхана дегенлердиң жабылғанына қанша жыллар болды. Адамлар ыңқ етип аўырмайды. Күнге күйип, суўыққа тоңып, жумысқа барып ислемейди. Үлкен-үлкен заводларды роботқа қусаған бирақ кишкене үскенелер басқарады. Төрт келиншек жүдә ҳийлекер шықты. Болмаса аўылдағы ҳәмме адамлар ҳақ кеўил, сада. Тек булар өзгеше.
– Ба (баласы Батыр), Қа (күйеўи Қанат) қайда?
– Билмедим, Гу. Ан (кемпир апасы Анаргүл) ның қасында шығар.
– Ҳе, не ойласық?
– Өзиң барып сора. Ба ның бөлмесинен шығып баратырған Му дың қолындағы көринбес жүзикти сезип қалды. Баласы жүдә талапшаң, ақыллы бала еди. Анасының ислеген қурылмасының программасын көйлегениң ең жоқарысындағы турған сәдеби арқалы оқыды. Оның ҳийлесин түсинди де иске киристи. Қараса үскене басқа үш достысында да бар екенин билди. Дәрҳал қурылманы өзлерине масластырып қойды. Бир секундтқа жетпей-ақ программа өзлерине қарсы ислеп кетти. Ба және олардың енди үскене жарата алмай қалыўы ушын да қарсы программа жаратты.
– Ан менен Ха (атасы Халмурат) ны ҳеш қашан жеңе алмайсызлар. Олар ақыллы. Бизлерге керек – деп қойды Ба. Қандай да секундлар ишинде Гу Му Ай Са бирден өзгерди. Ийбели, ақыллы, искер келинлерге айланды. Буны ата-енеси де сезди.
– Балам, булар сениң исиң бе? Бизлердиң неше жыллық әрманларымызды орынладың. Рахмет! – Ан, билесиз бе, буларды мен тек программаластырдым. Сизлердиң қыялларыңыздағы әрманлар арқалы бул ислер аңсат иске асты.
– Баяғы әсирлерде кемпир апамлар айтып отыратуғын еди, ҳаялдың қырқ жаны бар деп. Олар бала шағам – деп күни-түни тынбай ислейди екен. Бәри қол мийнети болған. Сонда да он перзентти тәрбиялаған, оқытқан. Бәри ақыллы, әдепли, мийримли перзентлер болған. Өз көкиреклеринен нәрлендирген. Мен де сол заманлар толық қайтып келмесе де мийрим, адамгершилик, аўызбиршилик қайтып келиўин күни-түни тилер едим. Дурыс, ҳәзир ҳәмме нәрсе жақсы. Бирақ, булардан негедур зеригесең.
– Ан, билесең бе, ол заманлар толығы менен қайтса адамлар және бир-бириниң “гөшин” жеп баслайды. Аўыр мийнет көрип, кейнинде өзи ҳеш нәрсе көрмей өлип кетеди.
– Бәри бир балам, бир-бирине усамайтуғын еки дүньяның мөлшерин көрип, жақсы дүньяны жаратыў ўақты келди. Сизлер жаратасыз сол дүньяны. Жаслар саналы, билгир болады.
– Болады, апа.
– Ҳей жаным, баламның баласы, ақылдың данасы. Кел қушағыма, баўырыма басып, бир ийискейин. Ол кемпир апасының өзине айтқан сөзлерин еслеп, басқаша сезимлерге бөленгендей еди.
– Дүньяда адам бәри-бир өзиниң ақыл-санасы менен ажыралып турады екен-аў. Бәрине мың шүкир, тәңирим! – деп шүкирлик етти Анаргүл кемпир.
Өзи билместен кемпир апасы Қаллигүлдиң узын жең, кең көйлегин кийип алған еди. Қаллыгүл кемпир бес ўақытлы намазын қаза қылмаған, аўзы-сөзи дүзиў, мәрт, меҳрибан, ақыллы кемпир болып өтти. Бул ўақытлары аўылдың ҳийлекер келинлери Гүлмира, Муҳаббат, Айсара, Салима Гу Му Ай Са деген атлары менен хошласып, жаңа өмирге қәдем таслаған еди.
А.ТУРЕКЕЕВА.
