Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл «Экономикада мәмлекет қатнасын қысқартыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарар менен Қарақалпақстан Республикасында жайласқан, мәмлекет ҳәм мәмлекет қатнасындағы кәрханалардың 70 дана көшпес мүлк объектлери ҳәм 7 дана мәмлекетлик үлеслер ғалабалық саўдалар арқалы меншиклестирилиўи белгиленген.
Усы қарар менен мәмлекетлик активлердиң сатылыўын жеделлестириў ҳәм экономикада жеке сектор үлесин асырыў мақсетинде: Мәмлекетлик активлер үш ай даўамында сатылмағанда олардың басланғыш баҳасы 10 процентке шекем басқышпа-басқыш 10 проценттен пәсейтирилиӯи белгиленди.
Сондай-ақ исбилерменлик субъектлер тәрепинен «Е-АУКЦИОН» электрон саўда платформасы арқалы 2024-жыл 1-январға шекем мәмлекет мүлктиң кеминде бес жыл ижараға алған болса ҳәм Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген тәртип тийкарында, капитал ремонтлаў, имаратларды түрли дәрежеде жақсылаў бойынша жумыслар әмелге асырылған ҳәм ижара төлемлерин ўақытында төлеп келингенде ҳәм бул объект меншиклестириў дәстүрине киритилгенде, оларға бул мәмлекет мүлкин баҳаланған баҳада туўрыдан-туўры сатып алыў ҳуқықы бериледи.
Аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларында ислеп шығарыў хызмет көрсетиў объектлерин иске түсириўди қоллап-қуўатлаў мақсетинде, Аукцион саўдаларына шығарылған жер участкалары (Нөкис қаласынан тысқары) үш ай даўамында сатылмағанда, олардың басланғыш баҳасын 30 процентке шекем, алты ай даўамында сатылмағанда 10 процентке шекем басқышпа-басқыш 10 проценттен пәсейттириледи ҳәм сатып алыў төлемлериниң 15 процентин үш ай мүддетте, қалған бөлегин 10 жылға шекем бөлип төлеў мүмкиншилиги берилди.
2024-жыл 1-августтан баслап басланғыш баҳасы БЕМ 1000 есесине шекем болған мәмлекет активлери, жер участкалары ҳәм де мәмлекет катнасындағы кәрханалардың мүлклерин сатыӯ ҳәм ижараға бериӯ бойынша өткерилетуғын электрон онлайн-аукцион саӯдалары процессинде, қатнасыӯшылар тәрепинен үшинши қәдемнен баслап жеке есап бетинде кеминде алардың баҳа усынысына салыстырмалы әмелдеги закалат муғдарындағы суммаға ийе болыӯ тәртиби киритилмекте.
Бунда усы суммалар закалат спатында есапқа алынады.
Р.ЕСИМБЕТОВ, «Электрон онлайн-аукционларды шөлкемлестириў» АЖ Қарақалпақстан Республикасы аймақлық ўәкили.
