«Алым болсаң – әлем сеники»

Илим-руўхыйлық ғәзийнеси. Ол қараңғыда жол кѳрсетиўши шамшырақ, бахыт жолын ашыўшы гилт. Илимди үйрениў, илим жолында шопан яңлы қырағы болыў адамзаттың ең ийгиликли пазыйлетлеринен бири. Сонлықтан да, ата-бабаларымыз «Алым болсаң-әлем сеники» деген даналық сѳзди айтып кеткен. Алым болыў, илимий изертлеўлер менен шуғылланыў инсаннан үлкен потенциалды ҳәм сабырлылықты талап етеди. Себеби, илимпаз ѳзи үйренип атырған тараўды пүткил ѳмири даўамында да изертлеўи мүмкин. 

Келешек әўладқа тәлим-тәрбия бериўдиң усыллары ҳәм методларын ѳзлестирип оны оқытыўшыларға усынып киятырған педагогика илимлериниң докторы, профессор Қонысбай Юсупов быйыл 60 жасты қарсы алды. Ѳзбекстан Халық билимлендириў ағласы, “Жылдың ағла муғаллими” (1992) таңлаўы жеңимпазы болған Қ.Юсупов ѳз мийнет жолын 1986-жылы Шымбай районындағы 15-санлы мектептен баслады. Илимпаз 2003-жылдан баслап Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде жумысын даўам еттирди. 2006-2009-жылларда университет докторанты, 2011-2017-жылларда кафедра баслығы лаўазымларында жемисли мийнет етти. Қ.Юсупов филология илимлериниң кандидаты (2002), доцент (2012), педагогика илимлериниң кандидаты (2021) ҳәм профессор (2023) илимий дәрежелерин алды. Илимпаз бир неше жыллардан берли әдебиятты оқытыў методикасы бойынша илимий изертлеўлер алып бармақта.

Оның әдебияттаныў ҳәм әдебиятты оқытыў бойынша 12 оқыў ҳәм методикалық қолланба, 2 сабақлық, 3 монография ҳәм де 200ден аслам илимий мақалалары жәрияланды. Алымның елиўден артық мақалалары Россия, АҚШ, Франция, Германия, Италия, Ҳиндстан, Япония, Португалия, Греция, Швеция, Израил ҳәм қоңсы мәмлекетлердеги халықаралық конференция топламларында жәрияланды. 

Илимпаз билимлендириў тараўы қәнигелери ушын әдебияттың ең қурамалы жанры есапланған прозалық шығармаларды оқытыў ҳәм таллаў бойынша изертлеўлер алып барды. Атап айтқанда, оның авторлығында “Улыўма орта билим бериў мектеплеринде қарақалпақ әдебиятын оқытыў мәселелери”, “Толыбай Қабулов дѳретиўшилигин үйрениў”, “Карақалпақ прозасында миллий психологияның сәўлелениўи”, “Әдебият сабақларында оқыўшылардың дѳретиўшилик компетенциясын раўажландырыў”, “Баянлар топламы”, “Кѳркем шығармалардың мазмунын үйрениў методикасы”, “Қарақалпақ әдебиятын оқытыў технологиялары”, “Т.Қайыпбергеновтың «Айдос баба» (Мың тиллаға баҳаланған гелле) драмасын таллаў усыллары”, “Ш.Сейтов прозасын таллаў усыллары” “Камал Мәмбетовтың ѳмири ҳәм дѳретиўшилигин үйрениў усыллары”, “Ибрайым Юсупов поэзиясын оқытыў усыллары”, “И.Юсуповтың “Ўатан топырағы” шығармасының мазмунын үйрениў”сыяқлы илимий мақалалары ҳәм монографиялары республикамыздың билимлендириў тараўы хызметкерлери ушын жәрдемши методикалық қурал сыпатында хызмет етип келмекте. Қ.Юсупов бир қанша шәкиртлерди таярлап, олардың маман қәниге болып жетилисиўине үлес қосқан устазы.

Илим пидайылықты талап етеди. Устазымыз Қ.Юсупов ѳз кәсибине болған меҳри, жуўапкершилиги себепли излениўден тоқтамайды. Ол әдебияттаныў илими ҳәм әдебиятты оқытыў методикасы бойынша илимий тәжирийбелерди даўам еттирип, тәлим-тәрбия процессине ѳз үлесин қосыўды мақсет қылған.

Устазымыз,  илимпаз, педагогика илимлериниң докторы, профессор Қ.Юсуповқа илимий ҳәм дѳретиўшилик жумысларында табыслар тилеймиз.

Айжамал Жиемуратова,

Нѳкис қаласы, 38-санлы мектептиң жоқары категориялы қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими.