Мойнағым менен мақтанамыз

Мен жүдә бахытлы инсанман. Өйткени, инсан қәдири бәлент журтта жасап атырман. Бул шүкиршилик ана-топырақ, ата-мәкан сезимлеринен болар бәлким… Деген менен жеке өмириңде кеўил тоқлығы болса, перзентлериң, ата-анаңның, жақынларыңның көзлеринде қуўаныш көрсең өз-өзинен тилиңде де, қәлбиңде де шүкиршилик айтылады.

Мине, бүгин де Президентимиз басшылығында өткерилген видеоселектор мәжилисинде қатнасар екенмен, ерксиз толқынланып турман.

Себеби, Елбасшымыз Президентлик дәўириниң ең дәслепки күнлеринен баслап-ақ Мойнақ халқы ушын аталарша ғамқорлық пенен ең шетки алыс аймақты пайтахтқа жақын, жаңаша бир қалаға айландырды. Сиз көкте пәрўаз етип, пайтахттан ярым саатта Мойнақ дәрўазасынан киресиз. Бул бир ўақытлар ҳеш қашан иске аспайтуғын әрмандай еди. Мысалды өзгеден емес өзимнен айтайын. Анығырағы бул марҳум анамның әрманы еди. Анажаным 2016-жылы Мойнаққа, үйиме келгенде жолды көтере алмай аўырып, өз үйине қайтқаннан соң да аўырады. Жасы үлкен кисиге тән шығар. Бирақ, ол жаслық дәўирин еслеп, студентлик жылларында Ташкенттен, Нөкистен Мойнаққа самолётта ушқанларын ядына алып, енди ол дәўирлер қайтармекен деп гүрсинип қояр еди.

Бултлар арасынан самолёт сестин дәслепки рет еситкенимде ерксиз көзимде жас пенен анамның мына сөзлерин еследим. Баяғыдай Мойнаққа самолётлар ушады, Ан-2 емес ҳәзирги зорларынан – деп атыр адамлар, еле оған қайда балам, сонда да ушағойса үйиңе бараман жаным, тек өзим емес, әжапам менен әжағамды да апараман. Екеўи де напақада оларға билет алғанда жеңиллик бериледи. Солай екен жан деп барады, – деп айтқан ҳәзил аралас сөзлери бүгин шынлыққа айланды.

Шынлыққа айланған ҳақыйқатлықлар жүдә көп. Теңиз түбиндеги дузлы ақ қумларға тамыр атып, шор топырақтан көкке бой созған сексеўиллерден баслап, заманагой бийик имаратларға орнын босатып берип, музейге көшкен «ийтарқа» үйлер, теңиз толқынларында жүзе алмаса да, қырда турып ҳәр жыл сайын бәрше ўәлаятлардан үш мыңнан аслам бахытлы балаларды өз баўырына алған «Ақ кеме» си, технологиялар әсиринде компьютерлердиң соңғы әўладын мойнақлы жаслар менен жүзлестирген «Future Muynak»тәлим орайы, жүзиў шынығыўларына дәслепки рет келген кишкене нәресте көзи менен баққанда теңизге барабар «Жүзиў бассейн»и жүргенде жолаўшының зейнин ашар раўан жоллар, және, және бәри, бәри, буған мысал.

Усы орында халық аўзында жүрген мына гәп есиме түседи.

Мойнақтың топырағы кийели. Бул жерлерде Сүлайман Бақырганий, Тоқпақ ата, Жантемир ийшандай уламалар жасап,из қалдырған. Олар басқан излерди дурыс жүрип, туўры бассаң кем болмайсаң, ал аяғыңды шалыс басағойсаң оңбайсаң. Кийели топырақ қоймайды, дейди халық. Бул гәплерде шын мәни бар. Мине, теңиз қурып кетсе де, ана журтын, ата-бабаларының мәңги қоным тапқан бул кийели топырағын таслап кетпей, сабыр, шыдам менен жасап келген халық бул сапары да теңиз сыйынан бос қалмады. Өткен әсирде теңиз балығы менен бай болған халық бүгин аймақтың раўажланыў драйвери туризм деп белгиленип, реформаларға жүз тутқан Мойнақты, Арал теңизин көриўге келиўши сырт елли туристлер ҳәм жергиликли мийманлар менен толы. Келиўшилердиң саны кейинги бес жылда төрт есеге артты. Бул өз гезегинде Мойнақтың туризм потенциалының көтерилиўине себепши болмақта.

Жәмийетимизде барлық тараўларда болып атырған жаңа өзгерис ҳәм реформаларды бармақ бүгип санасаңыз, олар жүдә кɵп. Имканиятлар жетерли, инсанлар қәдири бәлент журт. Бул жақында исбилерменлер менен өткерилген ашық сәўбет арқалы да өз тастыйығын тапты. Кеше өзин өзи бәнт етиў ушын исбилерменликти жолға қойған пуқара бүгин үлкен исбилерменге айланып, халықтың кең қатламын жумыслы етип атырған болса, әлбетте буған елимизде жаратылған имканиятлар, қоллап-қуўатлаў бар. Ҳүрметли Президентимиз исбилерменлерди бәрқулла қоллап-қуўатлайды. Ең мақтанышлысы, Журтбасшымыз қарақалпақ халқына деген меҳриниң бөлек екенлигин, мен қарақалпақтың бир перзентимен, деп дәлиллеген болса, усы сапар да «Қарақалпақстан – бул Жаңа Өзбекстанның дәрўазасы», деп келтирди өз сөзинде. Сол дәрўазада Мойнақтың гиреўли орны бар. Себеби, Əжинияздай уллы бабамыздың 200 жыллық торқалы тойын ɵткизиў мақсетинде алып барылып атырған уллы ислер, бабамыздың ҳақыйқый қәбирине барар жолдың ашылыўы, район көркине көрк қосқан Әжинияз бағының  жаратылыўы, қулласы, бәри ноябрь айында  кең кɵлемде ɵткерилиўи белгиленген үлкен әнжуман буған дәлил. Бул өз гезегинде пүткил халқымызды қуўанышқа бөледи.

Биз үлкен мақтаныш бенен өсип киятырған жас әўладларымызды елимиз бесигинде тербелип, усы журттың раўажланыўына үлкен үлес қосқан инсан сыпатында тарийхта терең из қалдырған Әжинияз бабамыздай қатар уллы тулғаларға ҳәмме ўақыт мүнәсип перзент болыўлары ушын барынша ғайрат саламыз. Бул арқалы Жаңа Өзбекстанның тырнақ тасын қалаўда өз орнымызды белгилеймиз.

Фатима Каримова,

Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Мойнақ районлық бɵлими бас қәнигеси.