Жигирма төрт саатлық эфир

Қарақалпақстан радиоканалы 90 жылдан аслам ўақыттан берли халқымыздыӊ руўхый дүньясын байытып, елимиз турмысындағы еӊ соӊғы жаӊалықларды тыӊлаўшыларға оператив түрде жеткерип бериў жолында минсиз хызмет етип келмекте. Журналисттиӊ сөз саплаў шеберлигин арттырыўда, жаӊалықларды тәсирли, тартымлы ҳәм қызықлы етип ықласбентлерге жеткерип бериў шеберлигин меӊгериўинде радио дәргайы тәжирийбе мектеби хызметин атқарады. Көпшилик тележурналистлер дәслепки мийнет жолын радиодан баслап, сөйлеў мәдениятын жетилистирип, қәлемин өткирлестирип, соӊынан ел-халқымыздыӊ кеўлинен шығатуғын көрсетиўлерди таярлап, кеӊнен танылады.

2024-жылы 5-февраль сәнесинен баслап Қарақалпақстан радиоканалыныӊ 24 саатлық эфирге өтиўи ҳәм өз алдына 107.8 толқынына ийе болыўы медиа әлеминдеги үлкен жаӊалықлардыӊ бири болып, гүллән халқымызға, ықласбентлерге, радиоканалдыӊ дөретиўшилик жәмәәтине қуўаныш сезимлерин бағышлады. Ҳақыйқатында да, бул жаӊалық радиоканалдыӊ мийнет жәмәәтин шадлыққа бөлеп, дөретиўшилик ислерге руўхландырыўы менен бирге, үлкен жуўапкершилик жүклейтуғынлығы мәлим. ϴйткени, радиожурналистлер усындай итибар ҳәм имканияттан илҳамланып, жаӊа жойбарлар, ийгиликли басламалар ҳәм креатив идеялар менен бир суткалық эфирди толтырып, тыӊлаўшылардыӊ дийдинен шығыўы талап етиледи. Бул бағдарда радио жәмәәтте әдеўир дәрежеде унамлы өзгерислердиӊ, сәтли изленислердиӊ бар екенлигин 107.8 толқынын тыӊлаў арқалы аӊлаўымызға болады.

Тиккелей эфир арқалы берилетуғын еситтириўлер саныныӊ артқанлығы дөретиўшилердиӊ жумыс искерлигин жетилистирип, тыӊлаўшылар менен жақыннан байланысып, сәўбетлесиўлер алып барыўына, олардыӊ кеўил сөзлерин, тилек ҳәм усынысларын эфир арқалы билдириўлерине имканият туўдырды. Усы орында айтып өтиў орынлы, радиоканал бай архив фондына ийе. Белгили көркем өнер ғайраткерлериниӊ, жыраў ҳәм бақсылардыӊ атқарыўлары, қызықлы инсценировка ҳәм драмалық шығармалардыӊ аудиоварианты радио архивинде көздиӊ қарашығындай сақланып келинбекте. Халқымыз сағынған бундай дүрдана шығармалар эфир имканиятларынан ҳәм тыӊлаўшылардыӊ өтинишлеринен келип шығып, берилип барылады. Соныӊ менен бирге, бүгинги дәўир жаслары арасында кеӊнен танымалы болған эстрада қосықшыларыныӊ кеўилге қонымлы қосықлары эфир арқалы тез-тезден жаӊлап, ўатанласларымызға руўхый заўық бағышламақта. Еӊ бир қолайлы тәрепи, биз қайсы орында, қай мәнзилде болсақ та, радионы тыӊлаў мүмкиншилигине ийемиз.

Бүгинги күнде бул жәмәәтте жумыс ҳәр қашанғыдан да қызғын. Радиожурналистлеримиз заманласларымыздыӊ талғамын, қызығыўшылығын инабатқа алып мазмунлы еситтириўлерди таярлаў нийетинде тынымсыз изленислер алып бармақта. Биз де өз нәўбетинде Қарақалпақстан радиоканалыныӊ дөретиўшилик жәмәәтин жигирма төрт саатлық эфирге өткенлиги менен шын жүрегимизден қутлықлап, халқымызға әжайып еситтириўлерди инам етиўинде сарқылмас йош-илҳам жолдас болып, жақсы жаӊалықлар ҳәм қуўанышлы хабарлар менен пайызлы шаӊарақларға кирип барып, кеӊ жәмийетшиликтиӊ кеўлинен орын ала бериўине тилеклеслик билдиремиз.

Бахытлы САРЫБАЕВ,

ϴзбекстан Мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы ассистент-оқытыўшысы.