Мийримлилик ана сүтинен басланады

— Ана деген қүдиретли күшке, ҳүрметке ийе болдыңыз. Дүньяға келтирген нәрестеңиз әке менен ананы байланыстырыўшы дәнекер есапланады. Дәнекериңизди яғный аппақ периштеңизди баўырыңыз­ға басып, сийниңиздеги мийрим таратыўшы уўыз яғный көкирек сүтиңизге нәрестеңизди тойдырың. Сизге мәсләҳәтим…

Бала дүньяға келгеннен кейин ананың балаға теңсиз сыйлығы–бул көкирек сүти. Ҳаял босанғаннан соң уўыз сүти шығады. Оның тойымлылығы жүдә жоқары болып, микроэлемент, фермент, биологиялық жағынан ҳәрекетшең затларға бай болып, туўылған баланы түрли аўырыўлардан сақлайды. Баланы асқазан ишек кеселликлеринен асырап, сүттеги суў мөлшери 85-90%  қурап, баланың шөлин қандырады.

Сонлықтан, балаларға чай, суў бериўдиң қәжети жоқ. Ана сүтиниң қурамында баланың дени саў, күшли болып өсиўинде де әҳмийети күшли болса, ал ананың көкирек, жатыр рак кеселлигине жолықпаўына көмек­леседи. Дүньяжүзлик Денсаўлықты сақлаў уйымы 2004-жылдан баслап «Көкирек сүти менен емизиўди алтын стандарт» деп атады. Және бир ана сүтиниң қүдирети ана менен бала өзлеринде қәўипсизликти сезинип, бала мийирман болып өседи. “Мийримлилик ана сүтинен өтеди”  деген гәп бар…

Салтанат Сатуллаева,

Нөкис қалалық, 8-санлы шаңарақ поликлиникасы, Патронаж акушерка.