Мине, соңғы пайытлары Жаңа Өзбекстанда ҳәр қыйлы тараўларда өзгерислер, жаңаланыўлар жүз бермекте. Солардың қатарында ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бойыншада өзгерислер болып атыр.
Мәселен, Президент қарарына муўапық ҳәптениң ҳәр пийшемби күни мәҳәллелерде “Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы күни” етип белгилениўи ҳәм “Мәҳәлле пасбаны” лаўазымы орнына профилактика инспекторының жәмийетлик тәртибин сақлаў бойынша жәрдемшиси лаўазымының енгизилиўи усыған қаратылған итибардың мысалы бола алады.
Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы туўралы сөз болғанда ҳәр бир адамда “бул не өзи?” деген сораў туўылыўы тәбийий. Бириншиден, ҳуқықбузарлық туўралы түсиник берип өтсек:–бул исленген тәртипсизлик ҳәкимшилик ямаса жынайы жуўапкершиликке тартылыў көзде тутылған айыплы, нызамсыз қылмыс түсиниледи. Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы болса–ҳуқық тәртибин сақлаў, беккемлеў, анықлаў, оған шек қойыў, сондай-ақ, оның себеплерин үйрениў, сапластырыў мақсетинде қолланылатуғын ҳуқықбузарлықлардың улыўмалық, арнаўлы, жеке тәртиптеги ҳәм де виктимиологиялық профилактикасының ҳуқықый социаллық жағдайын шөлкемлестириў ҳәм басқада ис-илажлар системасы болып есапланады.
Хабарыңыз бар болса буннан сәлкем 11 жыл бурын, яғный 2014-жыл, 10-апрель күни Олий Мажлис Сенаты тәрепинен “Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы туўралы” Нызам қабылланады. Нызамда ҳуқықбузарлықлардың шығыў себеплери, оларды сапластырыў жоллары ҳаққында анық мақсетлер нәзерде тутылған. Оған жуўапкершиликли етип Ишки ислер, Прокуратура уйымлары, Миллий қәўипсизлик хызмети, Миллий гвардия, Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги, Әдиллик уйымлары, мәмлекетлик Бажыхана хызмети, Салық хызмети, Мийнет ҳәм халықты социаллық қорғаў шөлкемлери, Билимлендириў мәкемелери, мәмлекетлик Денсаўлықты сақлаў мәкемелери, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитети, Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги ҳәм оның аймақлардағы бөлимлери тиккелей ҳуқықбузарлықлар профилактикасын әмелге асырыўшы органлар ҳәм мәкемелер болып есапланады деп көрсетилген.
Жуўмақластырып айтқанда, нызамның әҳмийети сонда-оның орынланыўына жуўапкер тек мәкеме хызметкерлери ғана емес, өз ҳуқықларын жақсы билген ҳәр бир инсан жақын әтирапындағы жынаят көшесине билип-билмей кирип қалып атырған заманласына бул жолдың ақыр-аяғы жоқ екенлигин түсиндириў ҳәм оны туўры жолға қайтарыўды өзиниң Ўатан алдындағы миннети деп билиўи керек.
Негизинде нызамның да гөзлеген мақсети–сол!
Тимур Тлеўбаев,
Қараөзек районы Юридикалық хызмет көрсетиў орайы бас юристконсультанты.
