Елимизде ҳәр жылы 8-декабрь сәнесинде ϴзбекстан Республикасы Конституциясыныӊ қабыл етилген күни кеӊ түрде нышанланып өтиледи. Бәршемизге белгили, Конституциямызда пуқаралардыӊ ҳуқық ҳәм еркинликлери нызамлы жол менен белгиленип қойылған. Барлық мәмлекетлик уйымлар, кәрхана ҳәм шөлкемлер, пуқаралар Конституциямызда белгиленип қойылған норма ҳәм принциплерге сүйенип ис алып барады, ондағы ҳәр бир статья әмелий ис жүзинде басшылыққа алынады.
Бизиӊ Конституциямыз миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларды есапқа алып дөретилгенлигин атап өтиўимиз орынлы. Әдетте, Конституция ҳаққында сөз еткенде оған «Бахтымыздыӊ нызамы» деп жоқары тәрийп бериледи. Әлбетте, бул пикирде тереӊ мәни, үлкен ҳақыйқатлық бар. Бүгинги тыныш, татыў, парахат ҳәм абадан турмысымыздыӊ, бахытлы ҳәм қуўанышлы күнлеримиздиӊ, өмирде қолға киргизип атырған жетискенликлеримиздиӊ сағасында Конституциямыз турғанлығын тереӊнен сезинемиз. Бас нызамымыз арқалы биз әдалатлы мийнет мүнәсибетлерине кирисемиз, тыянақлы билим алып, кәсип-өнер ийелеймиз, ислеген хызметимизге қарап табысларға, ҳүрмет-мәртебеге ерисип, жәмийеттен өз орнымызды табамыз. Онда тийкарынан инсанныӊ мәплери, бахытлы өмир сүриўи жоқары қәдирият дәрежесине көтерилген.
Конституциямызда белгилеп берилген тийкарғы норма ҳәм принциплер Ана-Ўатанымыздыӊ раўажланыўыныӊ арқаўы болып хызмет етеди. Оныӊ мәнис-мағанасын, әҳмийетин жас әўладлардыӊ қәлбине кишкенелигинен баслап сиӊдирип барып, ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўымыз лазым. Мен де өз нәўбетинде бас нызамымыз белгилеп берген ҳуқық ҳәм еркинликлерден орынлы пайдаланып, билимлендириў тараўында ислеп, мийнетлеримниӊ жемислерин татып келмектемен. Педагогикалық искерлигим даўамында оқыўшы жасларға тәлим-тәрбия жумысларын алып барып, оларды руўхый, интеллектуаллық, физикалық ҳәм әдеп-икрамлылық жақтан ҳәр тәреплеме кәмил инсанлар етип жетилистириўде аз да болса өз үлесимди қосып киятырғанлығымнан оғада қуўанышлыман. Қәдирли оқыўшыларыма да билим бериў процесинде Конституциямыздыӊ инсан өмиринде тутқан орнын турмыслық мысаллар менен түсиндирип барып, мәмлекетимиздиӊ келешек әўладларға жаратып берип атырған кеӊ имканиятлары нәтийжесинде оқып, билим алып атырғанлығын қайта-қайта атап өтиўге умтыламан.
Сөзимиздиӊ жуўмағында гүллән халқымызды ϴзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниӊ 32 жыллығы менен шын жүрегимнен қутлықлайман. Елимиз тыныш, аспанымыз ашық болып, заманласларымыз бас нызамымыз белгилеп берген мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланып, бахытлы ҳәм абадан турмыста жасай бергей.
Амангүл МАШАРИПОВА,
И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебиниӊ тәрбияшы-педагогы.
