Шүкирбай Сийпатдинов деген исм, фамилия қарақалпақ журналистикасының баспасѳз тараўында танылғанына бираз жыллардың майданы болды. Шымбай районының Кеңес елатының Аралбай жап аўылында туўылып-ѳскен ол ѳз келешегин баспасѳзден изледи. Ең дәслеп «Еркин Қарақалпақстан» газетасында корректордың жәрдемшиси «Әмиўдәрья» журналында, «Қарақалпақстан» баспасында ҳәм пайтахт газетасы болған «Нѳкис ҳақыйқаты» газетасында әдебий хызметкер болып ислеп, және де «Жанлан, Арал» ҳәм «Профсоюз турмысы» газеталарында хабаршы–репортёр болыпта ислеп, көп тәжирийбе топлап, қәлемкеш – дѳретиўшилер орталығында болып, мудамы, белгили қәлем ийелеринен үйренип, изленип барды. 1993-жылдан баслап республикалық «Қарақалпақстан жаслары» газетасында хызмет етип киятыр.
Журналист халықтың сѳйлер сѳзи, кѳрер кѳзи деп айтылмаған. Ш.Сийпатдинов оператив, кеўилге қонымлы сѳзлерди таўып жазатуғын ѳткир қәлем ийеси. Соның менен бирге ҳәр бир инсанның кеўил бостаны болған әдебиятқа бийпарық емес. Оның жанлы композициялы түсирилген сүўретлери де тараўда танылыўына кең жол ашып берди.
Мораль темасында кѳпшиликтиң кеўлине қозғаў салған «Мен не қылайын халқым-аў?», «Кеўли дәртке толы жигит», «Заманагѳй заманласым» ҳәм тағы басқа мақалалары бар. «Жасырылған хатлар», «Қәпестеги жаслық», «Қәбирге тѳгилген кѳз жас», «Әзирейли» гүрриңлери поэзияда болса «Айралық», «Жулдызлар», «Сени күтип жасайман» тағы басқа қосықлары оқыўшыларға усынылды. Оннан басқа юморлық, интермедиялық ҳәм пародия қосықлары да ѳз ықласбентлерин тапты. Журналисттиң аналитикалық, машқалалалық түрде жазылған мақалалары да кең жәмийетшиликке қозғаў салды. «Бир дарақ ексек те», «Суўдың да сораўы бар», «Итибарсызлықтың ақыбетин ойлайық», «Уясы дүзиў жердиң қызы» ҳ.т.б. бир қатар мақалалары бар. Оның ҳуқық қорғаў уйымлары, суд, прокуратура хызметкерлериниң ўазыйпалы жумыслары ҳаққында жазылған газета бетлериндеги мақалаларын да атап ѳтиў орынлы. «Қара дәриниң қара тамғасы», «Қораз биймәўрит шақырған түнде», «Ессиз туўысқанлар», «Шет елдеги азаплы күнлер», «Марҳумнан қалған мийрас даўы» ҳ.т.б. 2014-жылы «Қарақалпақстан» баспасынан «Өрнекли өмир өткели» китабы шықты. Бул келтиргенлеримиз оның үлкен мийнет жолынан кишигирим үзиндилер ғана.
Шүкирбай Сийпатдинов бүгин ѳмир деп аталмыш үлкен жолдың алпысыншы асырымына қәдем қоймақта. Саналы ѳмириниң кѳпшилик бѳлегин газетамыздың сапалы, қызықлы болып шығыўына бағышлап алпыстың асқарына ең әўели жарық жүз, кѳп ғана шәкиртлериниң, болажақ журналистлердиң устазы, ең баслысы ел-халқымыздың ҳүрмет-иззетине бѳлениўдей үлкен бахыт пенен жетип келген пидайы инсан «Қарақалпақстан жаслары» газетасының 70 жыллық юбилейи қарсаңында оның 300 ден аслам бир неше басылымларда шыққан ең жақсы дѳретпелери инабатқа алынып, атап ѳтилди. Сол жылы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Ҳүрмет Жарлығы менен сыйлықланды. Ғәрезсизлигимиздиң 15 жыллық байрамында «Ең уллы, ең әзиз» таңлаўының хошаметлеў сыйлығы ийеси болды. 2008-жылы 27-июнь-Баспасѳз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни байрамы қарсаңында «Ѳзбекстан Журналистлери дѳретиўшилик аўқамы тәрепинен ѳткерилген таңлаўда инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлери, жаслар турмысы, халық саламатлығы, исбилерменлик мәселелерин сәўлелендирген мақалалары ушын 2007-жылдың «Ең белсенди журналисти» жеңимпазы болды. Ш.Сийпатдинов 1989-жылдан баслап Ѳзбекстан журналистлер дѳретиўшилик аўқамы ағзасы. 2015-жылы, ол мәмлекетимиз ғәрезсизлигин беккемлеўге ҳәм экономикалық потенциалын арттырыўға тараўларда жүргизилип атырған реформаларды тереңлестириўге қосқан салмақлы үлеслери, кѳп жыллық мийнети, дѳретиўшилиги менен әсиресе жасларымызды ана Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаўдағы жемисли мийнетлери, жәмийетлик турмыстағы белсендилиги ушын «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист» мәмлекетлик сыйлығына миясар болды.
Ѳткен жылдан баслап пайтахтымыздағы 29-санлы мектепте оқыўшыларды дѳретиўшилик-мәдений мәселелерге үгит-нәсиятлаўшы болып, жас қәлемкешлер менен де бирге ислесип, мектеп оқыўшыларының қәлем тербетиўине жол-жоба берип, әдебиятсүйер китапқумар оқыўшылардың санының артыўына ѳзиниң үлесин қосып келмекте.
-Журналистлик хызметимиз барысында узақ-жақын мәнзиллерге сапар шектик, кѳп ғана тараўлардың ўәкиллери менен сәўбетлес болдық, турмыстың түрли сынаўларына дус келген инсанлар қәлбине қулақ қойдық. Кәсибимизди шын кеўилден қәстерлеп, машақатларында шынығып, табысларында қуўанып киятырмыз.
Биз журналистлер жаңадан-жаңа темалар дѳгерегинде қәлем тербетиўге мийнеткеш халқымыздан илҳам-йош аламыз. Ел-халықтың азы-кем итибарының ѳзи сезинген адамға үлкен жуўапкершилик жүклейди. Журналист-жазыўдан ҳәм излениўден тоқтамайды, – дейди Қарақалпақстан Республикасына мийнети сийген журналист Ш.Сийпатдинов.
Ол шаңарағында бахытлы әке. Ѳмирлик жолдасы Гүлайым менен ул-қызларын тәрбиялап қатарға қоспақта.
Кәсиплесимизди 60 жыллық торқалы тойы менен қызғын қутлықлап, халық ийгилиги жолындағы дѳретиўшилик хызметине тасқын табыслар тилеймиз.
Жумагүл ЕМБЕРГЕНОВА,
Өз хабаршымыз.
