Қоршаған орталыққа жуўапкермиз

Егилген ҳәр бир терек ҳәм мийўе нәллери инсанға заўық ҳәм үмит бағышлайды. Жылдың төрт мәўсиминде түрленетуғын липасы  өзине тартады. Жыллар өтип, нығайып, үлкейип атырған тереклеримизге қарап сүйсинип қоямыз.

Илгери жыллары суўдың мол ҳәм экологиямыздың ҳәзиргиден жақсы ўақытлары айырымлар өсип турған теректиң кишкене шақаларын қолы менен сындырып турыўдай ямаса теректиң қабығына жарақат жеткерип, пышақ пенен ойып жазыўдай жарамсыз әдетлер бар еди.

Ҳәзир бундай  жағдайлардың әтирапымызда жүз бериўине ҳеш ким бийпарық бола алмаса керек. Өйткени, инсан ана тәрбиятқа деген жөнсиз мүнәсибети ҳәм жеткерген азары ушын жуўап берип атырғандай. Әмиўдәрьямыздың  суўы азайып, Арал теңизимиздиң қурып қалыўы нәтийжесинде экологиямыз аўыр аўҳалға келип қалды.

Бир ўақытлары жап-салмаларымызды толтырып ағып турған суўларымыздың  ҳәм көп мийнет талап етпей-ақ өсетуғын терекзарлықларымыздың қәдирин ҳәмме жақсы биледи. Қоршаған орталықтың, әсиресе ҳаўаның  патасланыўы үлкен қалаларда тәшўишли жағдайларға алып келип атыр. Заводтан шыққан зәҳәрли  түтинлериниң  көплигинен және ана тәбияты азар шегеди.

Ана тәбияттың бир бөлеги екенлигимизди ўақтында аңлап, оны ядымызда сақлағанымызда бүгин экологиямыз бундай жағдайға келмеген болар еди.

Бүгин өзимиз патаслаған экологиямызды өзимиз дүзетиўге мәжбүрмиз. “Автомобилсиз бир күн”, “Пиядалар қалашасы” ҳәм басқа да жойбарлар жолға қойылмақта. Бизиң экологиялық шараятымызда ҳәр бир теректиң өсиўи әҳмийетли орын тутады. Шаң-тозаңды иркиўге пайдасы тийип, жапырақлары углеводлы газды өзине сиңирип, кислород бөлип шығарады. Қусларда тереклерге уя салатуғын, жанлы-жәнликлердиң де тиришилигинде тереклердиң әҳмийети үлкен.

Гүз ҳәм бәҳәрги терек егиў ислерине ҳәр биримиз өз үлесимизди қосыўымыз тийис. Глобаль машқалаларды шешиў жоллары да кишигирим бирақ, әҳмийетли, әпиўайы ислерден басланады.

З.ШЕРИМБЕТОВА,

Х.АБДИКАЛИКОВА,

Нөкис қаласы, 1-санлы кәсип-өнер мектеби муғаллимлери.