Усы жылдың 14-февраль күни Президентимиздиң Көксарай резиденциясында жаслар менен өткерген сөйлесиўи биз жаслар ушын үлкен бир илҳам дəреги болды. Усы сөйлесиўде, мен Қарақалпақстандағы белсенди жаслар менен видео байланыс арқалы қатнасып, Ҳүрметли Президентимиздиң шығып сөйлеген сөзлерин үлкен толқынланыў менен тыңлап отырдым. Сөйлесиў даўамында Журтбасшымыздың алға қойған басламалары ҳəм жаслар ушын жаратылған имканиятлар, əлбетте, ҳəр биримиз ушын үлкен мотивация, жаңа басламаларға умтылдырды.
Президентимиз сөзиниң басында, жасларымызға болған исеними ҳəм олардың Ўатанды раўажландырыўдағы əҳмийетин айрықша атап өтти. «Жаслар – халқымыздың, Ўатанымыздың алтын фонды», – деген сөзлери ҳəр бир жасты толқынландырады. Мен Беруний атындағы мəмлекетлик стипендияның ийеси ҳəм белсенди жаслар қатарында болып, Президентимиздиң бул сөзлеринен жүдә тәсирленгенимди айтып биз жасларды үлкен жуўапкершилик ҳəм үлкен мақсетлер менен алға қəдем таслаўға ийтермелейди.
Жаслар ушын жаратылып атырған жеңиллетилген кредитлер, стартап жойбарларына киргизилип атырған инвестициялар бизге исеним ҳəм жаңа идеяларды арттырады. Бундай ийгиликли басламалар жаслардың имканиятларын кеңейтиў менен бирге, жаңа бағдарларда өзлерин сынаў ҳəм раўажланыў ушын зəрүр ресурслар береди.
Сөйлесиўде билимлендириўдиң кəмбағаллықты қысқартыўдағы орны айрықша атап өтилди. Өзбекстанда ҳəр бир жас ушын билим алыў имканиятларын кеңейтиў, бəринен бурын кем тəмийинленген шаңарақларда оқыў имканиятларын жаратыў ушын көплеген жаңа басламалар жəрияланды. Солардан бири – кəмбағал шаңарақта кеминде бир перзент жоқары мағлыўматлы болыўы ушын зəрүр шараятлар жаратыў бойынша қəдемлер қойылыўы. Бул, əлбетте, биз жаслардың келешеги ушын үлкен имканиятлар жаратады. Сондай-ақ, кəмбағал шаңарақтың перзентлерине пайызсыз тəлим кредити берилиўи, қосымша грант ажыратылыўы, контракт төлеминиң бир бөлеги қаплап берилиўи бизди жəне де қуўандырады. Ең əҳмийетлиси, мен ушын «Жарқын талант» жойбары болды. Президентимиз тəрепинен усыныс етилген бул жаңа система кем тəмийинленген шаңарақларда жасайтуғын қəбилетли, билимге қуштар, бирақ финанслық қыйыншылықлар себепли оқыўға мүмкиншилиги болмаған жасларды сырт елде оқытыў имканиятын жаратады.
Ҳəр бир мəҳəлледен социаллық қорғаўға мүтəж ҳəм билим алыўды қəлеген жаслар таңлап алынып, олар ушын сырт ел жоқары оқыў орынлары таңланады ҳəм таярлаў курсларында оқытылады. Бул, мениңше, ҳəр бир жасқа өз потенциалын көрсетиў ҳəм дүнья көлеминде билим алыў имканиятын береди. Мениң, Беруний атындағы мəмлекетлик стипендия ийеси сыпатында, бул басламалар тек ғана өзимниң илимий мақсетлериме ерисиўде емес, ал, елимиздиң келешеги ушын үлкен үлес қосыўда ҳəм бар билимимди жүзеге шығарыўда жəрдем береди. Сондай-ақ, билимли жигит-қызлардың дүньяның «Топ-100» жоқары оқыў орынларына жиберилип, оқыў ҳәм жасаў қәрежетлери қаплап берилиўи ҳәм рейтинги жоқары халықаралық университетлерде илимий дəреже алған 35 жасқа шекемги жас илимпазларға турақ жай ушын 10 жыл мүддетке 800 миллион сумға шекем пайызсыз ссуда ажыратылады деген сөзлери мен ушын оғада үлкен илҳам дəреги болды. Бул, əлбетте, биз жаслардың оқыў ҳəм билим алыўдағы умтылысларымызды жəне де кеңейтеди.
Мен, бул гəплерден ҳəм «Жарқын талант» жойбарынан жүдə тəсирлендим ҳəм келешекте белсенди болыўға, өз билимимди раўажландырыўға ҳəм дүнья көлеминде табысларға ерисиўге беккем қарар еттим. Және де «Мен бир турмыслық пикирди тəкирарлаўдан шаршамайман: бир қызды оқытсақ, пүткил шаңарақты оқытқан боламыз». Бул сөзлер биз жасларды жуўапкершиликти терең сезиниўимизге ийтермелейди.
Себеби, билимли ҳəм ағартыўшы шаңарақ бул – билимли ҳəм ағартыўшы жəмийеттиң тийкары.
Келешекте мен ҳəм теңлес жаслар жаңа мақсетлерге ерисиў ушын жəне де белсенди болыўға, Президентимиздиң алға қойған басламаларынан пайдаланып, ҳəр бир имканиятты жоқары дəрежеде қəдирлеўге умтыламыз. Биз алдымызға үлкен мақсетлер қойып, Жаңа Өзбекстанды еле де раўажландырыўға өз билимимизди қосамыз.
Рая Елиўбаева,
СамВМШБУ Нөкис филиалы 4-курс студенти, Беруний атындағы мəмлекетлик стипендия ийеси.
