Китап инсанның ой-пикирин жетилистиретуғын, мәнаўиятын байытатуғын, дүньяқарасын кеңейтетуғын ең әҳмийетли қураллардан бири. Ол адамзат тарийхының барлық дәўирлеринде илим ҳәм раўажланыўдың ажыралмас бөлеги болып келген. Елимизде де китап оқыў мәдениятын раўажландырыў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылып атыр. Мәмлекет бойлап жаңа китапханалар қурылып, бар болғанлары заманагөйлестирилген. Әсиресе, жаслар арасында китап оқыўға болған қызығыўшылықты арттырыў мақсетинде ҳәр түрли таңлаўлар, акциялар ҳәм хошаметлеўши бағдарламалар жолға қойылды. Мектеплерде, жоқары оқыў орынларында ҳәм жумыс орынларында оқыў мәдениятын қәлиплестириў ушын арнаўлы жойбарлар әмелге асырылмақта. Электрон китапханалар ҳәм аудиокитап платформаларының раўажландырылып атырғаны болса заманагөй технологиялар арқалы китапқа болған талапты арттырыўға хызмет етпекте. Мәмлекет тәрепинен китап баспаханалары ҳәм авторларды қоллап-қуўатлаў сиясатының алып барылыўы нәтийжесинде сапалы әдебиятлардың саны көбейип, китап өнимлериниң қол жетимлилиги тәмийинленбекте. Усы реформалар нәтийжесинде жәмийетте илимге, билимге болған умтылыс күшейип, миллий интеллектуаллық потенциалдың өсиўи күтилмекте.
Жас китапқумарлар ушын шөлкемлестирилетуғын таңлаўлар олардың оқыўға болған қызығыўшылығын арттырып, дөретиўшилик пикирлеўин еле де раўажландырыўы сөзсиз. «Жас китапқумар» таңлаўы болса әйне усы мақсетти гөзлеп шөлкемлестирилген болып, жас әўладтың китап оқыўға болған қызығыўшылығын хошаметлейди, оларды шығармаларды таллаўға үйретеди ҳәм китап оқыў мәдениятын арттырады. Бундай таңлаўлар арқалы тек ғана ең жақсы китапқумарлар анықланып қалмастан, ал китап оқыўды жәмийетте кеңнен ен жайдырыў ушын әҳмийетли қәдем тасланады. Соның ушын жасларды китап пенен дос болыўға, китап оқыўды өмириниң ажыралмас бөлегине айландырыўға шақырыў ҳәр биримиздиң ўазыйпамыз болыўы керек.
Жақында Нөкис қаласындағы Жаслар орайы имаратында «Жас китапқумар» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти. Онда қалалық ҳәм районлық басқышларда жеңимпаз болған елимиздиң ең зийрек, билимге қуштар жас китапқумарлары өз билимлерин сыннан өткериў ушын жыйналды. Китап оқыў, пикирлеўди жетилистиретуғын шығармаларды оқыў ҳәм олардан алған билимлерин әмелиятта қолланыўға қаратылған бул таңлаў ҳәр жылы жас китапқумарлар арасында үлкен қызығыўшылық пенен күтип алынады. Таңлаўдың тийкарғы мақсети — жас әўладтың китапқа болған меҳрин арттырыў, олардың пикирлеў шеңберин кеңейтиў және жасларды көркем ҳәм илимий шығармаларды анализлеўге үйретиўден ибарат. Бүгинги глобалласыў ҳәм санлы мәлимлеме ағымы шараятында китап оқыў әдетин қәлиплестириў барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Тийкарынан 3 жас категориясы (10-14 жас, 15-19 жас, 20-30 жас) бойынша болып өткен таңлаўда жас китапқумарлар 2 шәрт бойынша беллести. Яғный, биринши шәрт «Көркем шығарма билимданы» болған болса, онда қатнасыўшылар таңлап алынған шығармалар бойынша өз пикир-усынысларын билдирип, образлар, сюжет ҳәм автор стили ҳаққында терең таллаўларды усынды. Бул басқышта тек китапты оқыў емес, ал оны түсиниў ҳәм оннан алынған жуўмақларды билдириў шешиўши әҳмийетке ийе болды. Екинши шәртте ҳәр бир қатнасыўшыға белгиленген ўақыт даўамында оқыған шығармалары бойынша сораўлар берилди.
Бул шәрт жаслардың тапқырлығын, зийреклигин ҳәм шаққанлығын сыннан өткерди десек қәтелеспеген боламыз.
– «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде өткерилип атырған «Жас китапқумар» таңлаўы өзиниң сәнин жылдан-жылға бийиклетип, бренд жойбар екенлигин дәлиллемекте. Усы жылғы «Жас китапқумар» таңлаўының мәҳәлле басқышына Қарақалпақстан Республикасы бойынша 24 мың 474 жас қамтып алынды. Ал, бүгин болса мәҳәлле, сектор, районлық басқышта жеңимпаз болған 51 жас 3 жас категориясы бойынша беллеспекте. Көрип гүўасы болып атырмыз, бир неше жыллардан берли қатнасып киятырған жасларымыз жойбардың аурасын, атмосферасын жақсы көргенликтен, өткен жылғы нәтийжелерге салыстырғанда бүгинги таңлаўға күшлирек таярланып келген, – дейди Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының бас қәнигеси Ғайратдин Сейтеков.
Кең көлемде шөлкемлестирилген таңлаўды филология илимлериниң докторы, профессор, Б.Каримов, Жазыўшылар аўқамының ағзасы, аўдармашы В.Файзуллоҳ, «Ёшлик» журналының бас редакторы Н.Чориев ҳәм Жаслар ислери агентлигиниң бас қәнигеси М.Бойсариевлар әдил баҳалап барды. Оған бола, 10-14 жас категориясы шеңберинде сыйлы 1-орынды Озодбек Рузимов (Төрткүл районы, «Беруний» мәҳәллеси), сыйлы 2-орынды Чаросхон Сафарбоева (Әмиўдәрья районы, «Дурман» мәҳәллеси), сыйлы 3-орынды Мапруза Қәллибекова (Қараөзек районы, «Мәденият» мәҳәллеси) ийеледи. 15-19 жас категориясы бойынша сыйлы 1-орынды Диана Тағабергенова (Қоңырат районы, «Сүўенли» мәҳәллеси), сыйлы 2-орынды Умида Гелдиева (Төрткүл районы, «Нурата» мәҳәллеси), сыйлы 3-орынды Шахзода Худаярова (Әмиўдәрья районы, «Қаңлы» мәҳәллеси) жеңип алған болса, ал 20-30 жас категориясында сыйлы 1-орын Темирбек Сәрсенбаевқа (Шоманай районы, «Моншақлы» мәҳәллеси), сыйлы 2-орын Бийбайым Жолдасбаеваға (Бозатаў районы, «Еркиндәрья» мәҳәллеси), сыйлы 3-орын Айгерим Елдесоваға (Нөкис районы, «Бақаншақлы» мәҳәллеси) несип етти. Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип түрде хошаметленди ҳәм сыйлы 1-орынды ийелеген жаслар таңлаўдың Ташкентте өткерилетуғын финал басқышына жолламаны қолға киргизди.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, таңлаўдың республикалық басқыш жеңимпазлары 3 жас категориясы бойынша сыйлы 1-орынды ийелеген жаслардың ҳәр бири «Президент саўғасы» жеңил автомобиль (электромобиль) ҳәм диплом менен, 3 жас категориясы бойынша сыйлы 2-орынды ийелеген жаслардың ҳәр бири 75 миллион сум пул сыйлығы ҳәм диплом менен, сондай-ақ, 3 жас категориясы бойынша сыйлы 3-орынды ийелеген жаслардың ҳәр бири 50 миллион сум пул сыйлығы ҳәм диплом менен сыйлықланады. Буннан тысқары, республикалық басқыштың қалған барлық қатнасыўшыларына 10 млн сумнан пул сыйлығы ҳәм сертификат бериледи.
Жуўмақлап айтқанда, жаслардың китапқа болған қызығыўшылығы олардың интеллектуаллық раўажланыўы ҳәм келешектеги табысының әҳмийетли факторы болып есапланады. «Жас китапқумар» таңлаўының жеңимпазлары тек ғана өз билими ҳәм пикирлеўи менен ажыралып турмастан, басқаларға да үлги болары сөзсиз. Жеңимпазларды және бир мәрте қутлықлап, оларға жаңа шыңлар жолында жоқары табыслар тилеймиз.
Бекберген ӘДИЛБАЕВ,
Өз хабаршымыз
