Бүгинги күнде халыққа қолайлықлар жаратыў мақсетинде почта байланысы хызметлерин көрсетиў системасын туптен жетилистириў арқалы, алыс ҳәм шет аўыллардағы пошта байланысы об’ектлеринде электрон мәмлекет хызметлерин көрсетилиўи жолға қойылған.
Бүгинги күнде почта байланысы объектлеринде, пухаралар ушын перзентлерин мәмлекет мектепге шекемги тәлим шөлкемине жайластырыў ушын арза бериў, салық төлмлери бойинша мәлимлеме бериў, неке белгиленгенлиги, некеде ямаса некеден ажырасқанлығы туўрысындағы мәлимлемени алыў, пуқараларды жамғарып барылатуғын пенсия тәмийнаты системасына есапқа қойыў, төленген пенсиялар муғдары туўрысында мағлыўмат алыў, майыплығы болған жасларға оқыў ғәрежети ушын субцидия ажыратыўға арза жибериў ҳәм жаслардың халық аралық ИТ-сертификатларды алыў ғәрежетлерин қаплап бериў бойынша арза жибериў, автоматластырылған мобил система жәрдеминде төлемлерди онлайн режимде қабыллаў ҳәм соған уқсаған жәми 86 түрдеги мәмлекетлик хызметлер көрсетилмекте.
Усы хызметлерден пайдаланыўда тутыныўшылар ушын қала ҳәм район орайларына барып хызмет көрсетиў орынларында нәўбетке турыўға зәрүряты болмайды. Нәтийжеде сарпланатуғын ўақыт ҳәм қәрежетлер тежеледи.
Ҳүрметли тутыныўшылар! Сизде почта байланысы тараўында көрсетилип атырған хызметлер бойынша машқалалар пайда болса ямаса усы тараўдағы өзлериӊизди қызықтырған мәселелер бойынша “1144” қысқа номерли исеним телефоны арқалы ямаса аймақлық бөлимниң өзине тиккелей мүрәжет етиў мүмкиншлигине ийе екениңизди билдиремиз.
“Ўзкомназорат” инспекциясы
Қарақалпақстан Республикасы
аймақлық бөлими бас қәнийгеси
Алламбергенов Маўлен Қудайбергенович
