Жаз айында ҳәмме мийўелер писип, әтирап гүллеп, ҳәмме жер гѳззал түске енип турады. Сол себепли жаз мәўсимин кѳпшилик жақсы кѳреди. Бир жыл бойы ислейтуғын ислердиң ең кѳби усы пасылға туўры келеди. Ҳаяллар банкилерди жаўады, гилемлер жуўады. Үйлерди оңлап, кѳплеген жумысларды жазда ислейди. Себеби, күн узақ, ис ѳнимдарлығы асады.
Деген менен жаздың ыссысы ҳаққында айтқанда гәплеримиз кѳбейип кетеди. Әсиресе, июль айы жүдә ыссы келеди.
Бүгинги күни де елимиз бойлап ыссы ҳаўа ағымы кирип келип, ҳүким сүрип атыр. Бул 22-июль күнге шекем даўам етилиўи айтылмақта.
Шеннен тыс ыссы болыўы адамларды ҳәлсиретип, жумыс ислеўге болған искерлигин тѳменлетеди. Сондай-ақ, денсаўлығына да тәсир етпей қалмайды. Қан басымын асырады яки түсиреди. Күн ѳтиўи адамда ҳәлсиреў, қайт етиў менен басланады. Егер ол асқынса ҳәттеки есинен танып, қулап қалады. Ыссы ҳаўа денесин күйдиреди, диария кеселлиги де келип шығыўы мүмкин. Сонлықтан, түски пайытлары үйден шықпаўды, егер шыққанда да саяда жүриўди мәсләҳәт етемиз. Пахта таласынан тигилген узын жең кѳйлеклерди кийип жүргениңиз мақул. Ҳәр күни суўды кѳптен ишиўиңиз зәрүр. Бул күнлер де ѳтип кетеди. Ең тийкарғысы денсаўлығыңызды асыраўды умытпаң. Денсаўлық таптырмайтуғын байлығымыз . Әсиресе, үйлериңизде кексе жастағы инсанлар болса жүдә асырап, абайлаңлар. Олардың организмлери әззи болады. Аўқатланыўына, кийиниўине, қулласы ҳәр күнги турмыс тәризине итибар берсеңиз сиз ата-анаңызды абайлап-асыраған боласызлар.
Ертең бул ислериңиз перзентлериңизден ѳзлериңизге де қайтатуғыны турған гәп.
Г.Бахиева,
М.Мамбеткулова,
А.Жоллыбекова,
Кекселер ҳәм майыплылығы болған шахслар, урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын Тақыятас санаториясы мийрибийкелери.
