Соңғы жылларда Ѳзбекстанда туризм тараўын раўажландырыў бойынша үлкен итибар қаратылмақта ҳәм бул ушын кең кѳлемли ис-илажлар әмелге асырылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басламасы менен елимиздиң туристлик потенциалын кѳрсетип бериўши промо ролик ислеп шығылды. Бред Травел Гайдс туристлик қолланмасын басып шығарыў режелестирилген, соның менен The Wasington post газетасының журналистлери ҳәм де Уллы Британиялы профессор Майкл Робинсон Қарақалпақстанға мирәт етилди.
Усы мүнәсибет пенен жақында И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик кѳркем-ѳнер музейинде «Қарақалпақстанда турақлы туризмди раўажландырыў» атамасында семинар-трениги болып ѳтти. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басламасы менен шѳлкемлестирилген бул илажда Жоқарғы Кеңес баслығының орынбасары Атабек Давлетов, Жоқарғы Кеңес баслығының мәденият ҳәм ағартыўшылық мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Гүлбәҳәр Изентаева, Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары-Туризм ҳәм мәдений мийрас министри Расул Зарикеев, Мәдений мийрас басқармасының баслығы Қуўанышбай Шарипов, Туризм ҳәм мәдений мийрас министириниң орынбасары Байрам Кусекеев ҳәм басқа да бир қатар министрлик ҳәм мәкемелердиң ўәкиллери, соның менен бирге туризм тараўындағы исбилерменлик субъектлериниң ўәкиллери қатнасты.
Семинар-тренингтиң мақсети – кѳп санлы туристлер ағымын тартыў арқасында елимиздиң социал-экономикалық жақтан раўажланыўы, жаслардың жаңа жумыс орынлары менен тәмийнлениўи, халықтың дәрамадын асырыўға бағдарлаўдан ибарат. Соның менен бирге илаж даўамында профессор Майкл Робинсонның ЮНЕСКО ның жойбары шеңберинде таярланған «Қарақалпақстанда турақлы туризмди раўажландырыў» атамасындағы есабатының презентациясы ѳткерилди. Доктор Майкл Робинсон Уллы Британияның Бирмингем университетиниң ҳүрметли профессоры. Ол туризм, мәдений мийрас, исбилерменлик тараўларында халықаралық консультант, глобал тармақ арқалы жойбарларды муўапықластырып барады. Майкл Робинсон ЮНЕСКО Бағдарламасының мәсләҳәтшиси болып есапланады ҳәм бул халық аралық шѳлкем менен 25 жыл даўамында бирге ислесип келмекте.
Семинарда қатнасыўшылар кѳп ғана мағлыўматларға ийе болды. Ѳзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.
Ж.Ембергенова.
