МИЛЛИЙЛИГИМИЗ АРДАҚЛАНҒАН ДӨРЕТПЕ

Көркем сөз шеберлеримиз өзлериниӊ әдебий дөретпелеринде инсанныӊ Ана – Ўатанға болған шексиз меҳир-муҳаббатын түрлише поэтикалық усыллар менен сәўлелендирип келмекте. Усындай қунлы көркем дөретпелердиӊ бири сыпатында жақында ғана баспасөз бетлеринде жәрияланған Қарақалпақстан халық жазыўшысы Алланазар Әбдиевтиӊ «Қарақалпақ қосығы ямаса Нан жеӊиз» шығармасын атап көрсетсек арзыйды. Гүрриӊдеги Жаўынғыр палўан образы ҳәр бир оқыўшыныӊ кеўил төринен орын алып, сүйиспеншилик сезимлерин оятады. Шығарма авторы қарақалпақ халқыныӊ бойына питкен еӊ ағла пазыйлетлерди, ақыл-парасатты, миймандослықты, ата-бабаларымыздан бизге руўхый мийрас болып қалған миллий салт-дәстүрлеримизди усы қаҳарманныӊ өмири, мәртлик ислери арқалы шеберлик пенен ашып бериўге ерискен.
Көркем дөретпени ықлас пенен оқып шығып, усындай әжайып халықтыӊ бир перзенти екенлигиӊе күтә сүйсинесеӊ, кеўлиӊде мақтаныш сезимлери дәрьядай тасқынлайды. Қанша әсирлер өтсе де жоғалып кетпей, атадан балаға өтип, ушығаныӊ қыйқымындай қәстерлеп сақланып, ҳәр тәреплеме жетилистирилип, байытылып, даўам еттирилип киятырған бийбаҳа қәдириятлар шығармада жақсы сәўлелениўин тапқан.
Гүрриӊде Тумарис аналық, Қоӊырат ата, Зулейҳа, Қарамурза баҳадыр образлары да исенимли жаратылған. Қарақалпақ ҳаял-қызларына тән болған кишипейиллик, баўырманлық, өз елиниӊ гөззал үрп-әдетлерин тереӊ ҳүрмет етиўшилик сыяқлы еӊ жоқары пазыйлетлер Тумарис аналықтыӊ бойына жәмлеп берилген. Оныӊ ис-ҳәрекетлерин бақлаған сырттан келген мийманлар пүткил бир халыққа жоқары баҳа береди. Дослық шынжырларыныӊ үзилмеўине, керисинше, арадағы келиспеўшиликлердиӊ сапластырылыўына, аўызбиршиликтиӊ еле де нығайыўына, кеўиллердиӊ табысыўына Тумарис аналықтыӊ ақыл-парасаты, даналық пенен тутқан жолы, дилўарлығы себепши болады. Бул ақыллы ҳаял тәрепинен Қарамурза баҳадырға соншелли дәрежеде сый-ҳүрмет көрсетилмегенде еки палўан ортасындағы түсинбеўшиликлер және де күшейип, ҳәўиж алып кетермеди деген пикирге келесеӊ. Халқымыздыӊ үйине келген ҳәр бир қутлы қонақты жыллы жүзлилик пенен күтип алып, төрине өткерип, сый-ҳүрмет көрсетип, оған еӊ дәслеп еӊ уллы ас саналатуғын нанды усыныўын, соӊ басқа да жемислерин алдына қойып күтиўлериниӊ мәнис-мазмунын шығарманы оқыў арқалы тереӊирек уғынып жетемиз. Тумарис аналықтыӊ усындай ибрат аларлық ҳасыл пазыйлетлери, көрегенлиги, досларға болған садықлығы тәрбия арқалы сүйикли перзенти Жаўынғырға да өтеди.
Жазыўшыныӊ өз Ўатанын тереӊ сүйетуғынлығын, халқыныӊ узақ әсирлик тарийхын, руўхый мәдениятын, үрп-әдетлерин жақсы билетуғынлығын шығарманы оқыў арқалы аӊлаўға болады. Бул шығарманы әсиресе, жетилисип киятырған жас әўладлардыӊ қунт пенен оқып шығыўларын усыныс етип қаламыз. Себеби, олар әдебий дөретпе арқалы миллий қәдириятларымыз ҳаққында баҳалы мағлыўматларға ийе болады. Сүйикли жазыўшымызға болса усындай әжайып көркем шығарманы әдебият ықласбентлерине инам еткени ушын тереӊ миннетдаршылығымызды билдирип, дөретиўшилик ислеринде талмас күш-жигер, тасқын табыслар тилеп қаламыз.
Бахытлы САРЫБАЕВ,
И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебиниӊ қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими.