Қарақалпақ халқында мына бир гәп кѳп айтылады: «Хан кѳрмеген қарақалпақ» деген. Негизинде олай емес. Бизиң бабаларымыздың да басқа халықлар сыяқлы ѳз хан, патшалары болған. Тарийхтан белгили қарақалпақ халқы жаўынгер халық болған. Орыс патшаларынан баслап ҳәтте Хийўа ханлығына шекем бизиң батырларымызды (Олар басқа еллерге шабыўыл жасаған ўақытлары) алдыңғы саптағы ләшкерлер қатарында соғыста пайдаланған ҳәм кѳпшилик жағдайларда жеңиске ерискен. Әлбетте, қарақалпақ жаўынгерлери арқасынан. Жаўынгер батырлығымыз ҳәттеки руў-тийрелеримизде де бар: Мәселен қоңырат арыслығының жаўынғыр руўы. «Хан кѳрмеген… деп аўызбиршилигимиздиң бослығына айтылған болса керек. Ал, тийкарында қарақалпақлар Түркистан ойпатлығына келип қоныс басқаннан бержағына шекем кѳплеген ѳз ханларына ийе болған.
«XIII–XVIII әсирлердеги Орайлық Азия ҳәм Қазақстандағы жазба дереклердиң библиографиялық басылымы» Абдисайтова басшылығында 2001-жылы Алматы қаласында баспадан шықты. Басылымда қарақалпақлардың ханлары-ѳз тѳрелери ҳаққында мағлыўматлар рус тилине аўдарылып анализ етилген. Онда қарақалпақлардың ханлары туўралы дереклер тарийхый шайбанийлар китабынан келтирилген.
Бул китап парсы-тәжик тилинде жазылған болып, авторы бүгинги күнге шекем белгисиз деп келинген. Бирақ, китапта келтирилген тарийхый дереклердиң (мағлыўмат) ҳәммеси ҳақыйқат деп тарийхшылар тәрепинен тән алынған.
1578-жылы қарақалпақ бийлери Бухара тахтына болған гүреслер ўақтында Сығнақ жерлеринде бурынғы Бухара ханы Абдусайт ханның ақлығы Шайханды яғный Султан Шайхым тѳрени ѳзлерине хан кѳтерди. Қарақалпақлар ханы Шайхан бир жыл даўам еткен Бухара ханлығына болған урысында қарақалпақларды басқарып қазақ тѳреси Абдилайс яғный Абу Лайс султан менен аўқам дүзген.
Бирақ, ол жалған тѳреликте айыпланып, ѳлтирилген. Шайқым султанды қазақлар тѳресинен тек Абу Лайс ҳақыйқый хан деп тән алған. Бул ҳаққында мағлыўматларды изертлеген Юдин В.П. «Тарих–и Шайбани» как источник по истории казахского и каракалпакского народов. Вопросы историографии и источниковедения Қазахстана. Алма-ата.1988. (с.208) китабында дерек береди.
Демек, қарақалпақларға Шайқым султан ханлық еткени ҳәм бул тарийхый тулға Шайқым султанды Шайбанийлер әўлады тән алмаған. Себеби тахтқа даўагерлик еткени ушын. Сол дереклерде және 1582-жылы қарақалпақлардың тахтына отырған Барақ султан туўралы гәп айтылады. Барақ султан Абылай султанның улы деп тән алынған. Лекин, арадан кѳп ѳтпей саўашлардың биринде Барақ султан ѳлтириледи. Ол да жалған тѳреликте айыпланады. Ѳз ханының қунын сораған қарақалпақларға «Ол жалған хан еди» деп Барақ султанды ѳлтиргенлер ѳзлерин ақлайды. 1611-жылы бухаралы Мухаммедияр Араб-ибн-Қатаған ѳзиниң «Мустақил ал-билад» китабын яғный «Еллерди жаўлап алыў» атлы китабын Бухара ханлығының арасында ең күшли ҳәм Шайбаний ханлары ишиндеги ең абырайлы ханларының бири Абдулла ханға бағышлаған. Китаптың қысқа бир бѳлимин Абдулғаппарға бағышлайды. Ал-мѳмин ханның ѳлгенинен кейин Мухаммедханның басқарыў дәўиринде Түркистанда бир қанша бийлер жыйналып, яғный маңғыт руўының бийлери Абдулғаппарды қарақалпақлар ханы деп тахтқа отырғызады. Және Түркистан ўәлаяты менен биргеликте Ташкент, Ақсекент, Андижан ўәлаятларын қысқа ўақыттың ишинде басып алған. Соның менен бирге қазақ тѳрелериниң ишинде Ишим хан яғный Есим султанды ҳәм басқа да қазақ султанларын саўашта жеңип шыққан. Бул китапта жазылған мағлыўматлар.
Абдулла хан менен Абд ал-мѳмин ѳлгеннен кейин Түркистандағы қарақалпақ халқы Абдулғаппарды (султан Абдулғаппарға бир қанша уқсаслығы бар адам) хан деп жәриялады ҳәм тахтқа отырғызады. Баҳадыр хан менен Ишим (Есим) хан ҳәм де Ташкент пенен Сайрамнан нѳкерлери менен келген қазақ султанлары менен Абдулғаппар султан он еки күн ғажжа-ғаж саўаш қурады. Он үшинши күни қазақлар жеңилиске ушырайды. Абдулғаппар Түркистан менен Сайрам және Ташкент сондай-ақ Ақсекент Андижан ўәлаятларын басып алды. Ташкентти пайтахт етти. 1012-жылы, барыс жылының гүзинде Ташкентте қыслап қалды. 1013-жыл қоян жылының бәҳәринде Ташкенттен шығып, шәҳәрден ярым парсан алыслаўдағы Қарақамыста шатыр қурды. Аң аўлап, шикәр салды.
Баҳадырхан менен Есимхан Алатаўдан Ташкентке кѳп нѳкерлери менен жақынлап келди. Жолда бир адамды услап алып, олар оннан Абдулғаппар туўралы әбден сорастырды ҳәм керекли нәрселерин билип алды. Соң олар асығыслық пенен атларын минип,, шаўып кетти ҳәм таң алагеўгимде Абдулғаппардың Қарақамыстағы шатырына келди. Бул пайытта Абдулғаппар қәтерсиз уйықлап жатқан еди.
Атлардың дүбиринен ол оянып, ҳүрей менен шатырынан жуўырып шықты. Дәл сол ўақытта Есим хан оның алдынан шығып, Абдулғаппардың қарнын үлкен қылыш пенен жарып жиберди. Бул тәрийпленип атырған ўақыялар бизлердиң жыл санаўымыз бенен 1603-жылы болып ѳткен еди. 1605-жылға шекем Сырдәрья жағалаўындағы Сығнақ ҳәм Андижанға шекемги жерлердиң бәринде қарақалпақ ханлығы тиклетилген ҳәм пайтахты Ташкент қаласы деп кѳрсетилген.
Бул тарийхый тулғалардан басқа ханлардан кѳре Абдулғаппарға кѳплеген тәрийп берилген. Не ушын? Себеби, Абдулғаппар Бухара ханлығы сиясий тарийхында уллы орынға ийе тулғалардың бири. Абдулғаппардың әкеси бир ўақытлары Самарканд қаласын, соңынан Түркистан ўәлаятын басқарған Бабахан исми менен дүньяға белгили болған. Бабасултанның улы оның ата теги Абылқайырдан. Оның баласы Сүйинши хожа ханнан, оның баласы Наўрыз Ахмед Барақ ханның тиккелей улы Баба султан болады. Бухара ханы Абдулланың тиккелей душпаны Бабасултан болған. Ѳлгенинше яғный, 1582-жылға шекем бақталас болып келген. Ал, Абдулғаппар болса әкесиниң жанында зәңгилес турып, 1578-1580-жылларда Абдулла хан менен әкеси Бабахан саўашларында қатнасып, батырлық кѳрсеткен. 1605-жылы қарақалпақлар Абдулғаппарды хан кѳтерген ўақтында басқалар неликтен оны жалған хан ҳәм жалған тѳре деп жәриялады. Бул саўалға тарийхый Шайбаний китабында жазылыўы бойынша ѳз ўақтында қазақ ханы Тәўекел хан (1582-1598жж) Абдулғаппарды мен ѳлтирдим деп жазылған, ал, «Мустақил ал-билад» китабында жазылыўынша 1580-жылғы саўашларда Абдулғаппар тири қалады ҳәм Ташкентке барып жан сақлаған.
Усы келтирилген қарақалпақлардың үш ханы тарийхта жасаған сиясий майданда үлкен роль ойнаған тулғалардың перзентлери болған. Соның менен биргеликте ѳзлери де үлкен тулғалар болып есапланады. Оннан бержағына дейин, яғный қарақалпақ халқының батыры Ерназар Алакѳз дәўиринде де қарақалпақларда хан болған ҳәм болып келген. Сол ушын «хан кѳрмеген…» деп айтыўымыз орынсыз. Енди бул гүрриңимиздиң даўамын тарийхшыларға қалдырамыз.
Интернет материаллары бойынша таярлаған: Шүкир. СИЙПАТ.
