Нызамсыз валютаның алды алынды

Департаменттиӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Нөкис қаласы бөлими, Нөкис районы бөлими ҳәм де Қарақалпақстан Республикасы ИИМ хызметкерлери тәрепинен пуқара “С”-ныӊ арзасына тийкарланып өткерилген оператив илажлар нәтийжесинде, пуқара “А” нызамға қайшы рәўиште 2022-жыл, 23-май күни саат 19:30 ларда Нөкис қаласы 21-киши район 1бүй 38-ханада арза ийеси “С”-ға ҳәр бир АҚШ долларды 11 150 сумнан есаплап жәми 2800 АҚШ долларын 31 220 000 сумға сатқан ўақтында усланып, оператив илажлар нәтийжесинде жәми 43 031,56 мыӊ сумлық шет ел валюталары айғақлы зат ретинде алынған.
Жокарыдағыларға тийкарланып 30.05.2022 жыл пуқара “А”ныӊ валюта байлықларын нызамға қайшы рәўиште сатып шуғылланған ис-ҳәрекетлери бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниӊ 177-статьясы 2-бөлими менен жынаят иси қозғатылды.
Аскар Елмуратов,
Департаменттиӊ Нөкис районы бөлими инспекторы.