Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы басламасы менен тастыйықланған Дәстүр тийкарында усы жыл 10-август күни Қараѳзек, Шымбай, Кегейли районларында жасап атырған кем тәмийинленген ҳәм социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың 8 жастан 17 жасқа шекем болған жәми 50 перзенттиң жазғы дем алысын мазмунлы ѳткериў мақсетинде Хорезм ўәлаяты Хийўа қаласында жайласқан Ийшан қала тарийхый естелигине саяхатқа алып барылды.
Саяхат даўамында балалар ѳз ўақытларын жүдә мазмунлы ѳткерип тарийхый естеликлер менен танысып, «Ийшан қала», ески қала комплекси кѳп санлы мешит, медресе, минаралары ҳәм 4 дәрўазасы менен ЮНЕСКО ның пүткил жәҳән мийрасларына киргизилип болып балалар кѳплеген пайдалы ҳәм қызықлы мағлыўматларды алды.
А.Қыпшақбаев,
Қарақалпақстан Республикасы прокурорының үлкен жәрдемшиси.
