БИЛИМГЕ БОЛҒАН ЫҚЛАС–»БАСЛАЎЫШ»ТАН БАСЛАНАДЫ

Өзимниң жеке бақлаўларым бойынша бир нәрсени аңлап жеттим, үш ай даўамында бесинши класс көлеминдеги отыз баладан бир ғана оқыўшы әдебий китап оқыған болып шықты. Ал керисинше екинши класс оқыўшылары арасында еки-үш оқыўшының ертек китаплар менен досласқанының гүўасы болдым. Демек, булар баланың туўма қәбилетинен тысқары пән оқытыўшыларының мүнәсибетин, кәсибине болған жуўапкершилигиниң өлшемин де көрсетип турған жоқ па?
Ата-бабаларымыздан қалған «Баланы жастан» деген ибратлы сөз бар. Перзентиниң қандай инсан болып ер жетиўи ең алды менен тиккелей ата-анасының тәрбиясы менен байланыслы Бала солардың сөзинен, ис-ҳәрекетлеринен ибрат алады. }№арғаның баласы ғақ} дейди, }Уяда нени көрсең ушқанда соны көресең}, }Атаға қарап ул өсер, àíàға қарап қыз өсер} деген нақыл- мақаллар мың жыллық тәжирийбеден келип шыққан. *ақыйқатында да, әдеп – икрамлылық, мийрим-шәпәәтлик пазыйлетлериниң тоқсан пайызы ата-анасынан жуғады. Дурыс, арасында сыртқы тәсирге берилип тәртипсиз жолға кирип кеткенлер де ушырасалы. Бундай жағдай шаңарақта бирге өскен бес баланың биреўинде ғана жүз берип қалыўы итимал. «Достыңды көрсет, кимлигиңди айтып беремен» деген сөз бийкарға айтылмаған.
Айтпақшы болғанымыз, баладағы кәсипке, китапқа, илим-билимге ықласы да шаңарақтан басланады. Психологлардың дәлиллеўине қарағанда мийди компютер деп алсақ, онда көп ғана нәсиллик «файл»лар жайласқан болып, сыртқы тәсир арқалы кимдур биреўлерде көплеген, ал кимлердедур санаўлы файллары ғана ашылады. №ызығыўшылықтың дәрежеси ҳәм көлеми де соған байланслы болып, қәбилеттиң буннан былай да раўажланыўына өз тәсирин тийдирмей қалмайды екен.
Бала мектепке келиўден баслап «!липбе»ни үйрене баслайды. Тәрбиядан тысқары билимге қумарлығы артып барады. Класстан- классқа атлаған сайын жаңа пәнлер менен досласды. Демек, буннан былай да сабаққа ҳәм китапларға болған ықлас арта баслайды. Бул тараўдағы жуўапкершиликтиң зоры баслаўыш класс муғаллимине түседи. Оқыўшылар менен бир қатарда олардың ата- анасы менен де бирге ислеседи. Егерде муғаллим саўатлы ҳәм тәжирийбели, қала берди талапшаң болса оқыўшыларда билимге қуштарлық артады, көпшилик пәнлерди де өзлестиреди.Бул бир жағынан класстағы оқыўшылардың саны менен де байланыслы тәреплери бар. Буны да бийкарлап болмайды. Нәтийжеде, келешекте көпшилигиниң Президент мектеплеринде оқыў имканияты пайда болады. Сол оқыў орнындағы сараланған устазлардың тәлим-тәрбиясы болса баланы буннан былайда жоқары шеклерге қарай жетелейди. өзлери әрман еткен жоқары оқыў орынларына кириў имканиятын берели. Ал керисинше болса ше? Ол жағдайда класс бойынша үлгериў көрсеткишлери де төменлеп кете береди. Бул топардағылар баслаўыш басқышынан өткеннен кейин де бир қатары төмен баҳаларға оқыўы итималдан қашық емес. Ол жағдайда жоқары оқыў орынларына да оншелли ықласлы бола бермейди. Деген менен де, қандайда бир кәсипти ийелеўи сөзсиз.
Және бир мәселе. Оқыўшылардың әдебий китапқа ҳәм сабақлыққа болған ықыласын еледе арттырыў ушын хошеметлеў фондын дүзиў мақсетке муўапық. Буны буўыны бекиспеген баслаўыштан баслаған нәтийжелирек болады. Себеби, қызығыўшылықтың ғумшалары енди ашыла баслайды. Усының менен бир қатарда биринши нәўбетте баслаўыш класс муғаллимлериниң билими ҳәм тәжирийбесин еле де көтериў,оларды қағазпазлықтан пүткиллей қутқарып айлығы ҳәм категориясын оқытқан оқыўшыларының пәнди өзлестириў дәрежесине қарай белгилеў мақсетке муўапық. Билимин баҳалаў сынақларын(тестлерди) муғаллимлерден емес, керисинше класс оқыўшыларынан алып барыў анағурлым нәтийжелирек. Бул илажлар ҳәттеки муғаллим менен бирге оқыўшылардың да жуўапкершилигин күшейтсе тәәжип емес. Турмыста гүўасы болып жүргенимиздей, нызамды таярлаўшылардың өзлери де базыда биле тура нызамды бузғаны сыяқлы, билимли бола турып бийпәрўалыққа берилген оқытыўшыдан көре билими салыстырмалы түрде кемирек болса да ҳүжданлы қатнаста болған муғаллим анағурлым жақсырақ. %йткени, ол өз үстинде ислеп барыўдан жалықпайды. Нанын ҳадаллап жейди.
Және бир усынысымыз,балалар менен ислесиўдиң қыйыншылығын есапқа алып баслаўыш мектеп муғаллимлериниң напақаға шығарыў жасларын қайта көрип шығыў әдалаттан болады.
Жуўмақлап айтқанда, ?атанымыздың келешеги биз тәрбиялап атырған жаслардың қолында екенлигин умытпасақ болғаны.
Көбейсин Ерназаров,
нураный журналист.