СИҢЛИМ

Айналайын жүзиңнен,
Мөлдир қара көзиңнен,
Сыңғырлаған күлкиңнен,
Сулыў сениң сөзиңнен.

Туўысқаным сырласым,
Аспандағы жулдызым,
Қуўанып-қуўанып жүр бәрҳа
Ақ сүттей пәк сиңлим.

Тынық суўдай жүзиң,
Қуўантады мени,
Бахытлы өмиримниң
Сенсең гүли сиңлим.