Китаплар әлеминде және жаңалық. Жақында «Билим» ҳәм «Жети ықлым» китап баспаларынан он бес атамадағы әжайып кѳркем әдебий китаплар басылып шықты. Кеўиллерге билим шырағын алып кириўши, ақыл-санамыздың тәрбияшысы болған еле сыясы кеппеген жаңа китаплар ҳәр бириңизди бийпарқ қалдырмаса керек деген ойдамыз.
«Қарақалпақ халық ертеклери ҳәм жумбақлары» китабы.
Бул китапта ертеклер елине саяхат етип, ертек қаҳарманлары арқалы «Мийнет-түби рәҳәт» екенине исенимиңиз артады. Соның менен бирге китаптағы жумбақлар тапқырлыққа баслап, ақыл-ойыңызды сыннан ѳткереди.
«Үш айыў». Руслардың уллы жазыўшысы Л.Н.Толстойдың кѳплеген еллерге белгили тили оғада жеңил, ўақыялары әпиўайы, қызықлы ертек атамасындағы китап. Кишкенелеримиздиң ой-ѳрисиниң кеңейиўине, қыял пәрўазы арқалы узақ рус үлкеси, ондағы айыўлар арқалы қызықлы ўақыяларға араласып, дурыс жуўмаққа бағдар алады.
«Үйин излеп жүрген шѳже». Балалар жазыўшысы Г.Ибрагимованың бул жаңа топламы кишкенелерге жақсы саўға болары анық. Балалардың ѳз басынан кеширген ўақыялары сѳз етиледи.
«Пышығым пыштан». Бул китапта барлық балалар жақсы кѳретуғын үй-ҳайўанлары ҳаққында қызықлы гүрриңлер орын алған.
«Ақылсыз бала». Ертек тыңлап ѳскен бала ойшыл, билимли ҳәм әдепли болып ѳседи. Ертектеги жақсы ислерден ибрат алады. Алдаўшылық, ашкѳзлик сыяқлы иллетлерден аўлақ болады. Қарақалпақ халық ертеклери орын алған бул китап та балаларымыздың ең жақын досты болады деген пикирдемиз.
«Балықшы ҳәм алтын балық ҳаққында ертек».
Рус халқының классик шайыры А.С.Пушкинниң бул ертеги тек балалар ушын емес, ал үлкенлерди инсап ҳәм диянатқа шақыратуғын қунлы шығарма болып табылады. Бул китап буннан бурын да бир неше мәртебе қарақалпақ тилинде басылып шыққан. Сүйикли шайырымыз Т.Жумамуратовтың аўдармасында таярланған китап, ҳәр биримизди қанша оқысақ та эмоциональ заўық бағышлап, ойландырады.
Қ.Айымбетовтың «Халық даналығы» китабы. Халқымыздың бул сүйикли перзенти ҳәм усы китабынан хабары жоқ зиялы инсан болмаса керек. Китаптың атамасынан кѳринип турғанындай, китапта халқымыздың тәкирарланбас, бийбаҳа даналықлары жыйнағы орын алған. Китапты оқыў арқалы ѳз турмысыңды, ѳз ата-бабаңды ҳәм ѳзиңди кѳресең.
«Қыйлы-қыйлы қылўалар», «Ѳткен күнлерден елеслер», «Халық даналығы» атлы үш китабы азы-кем қысқартыўлар менен таярланған.
Ж.Аймурзаевтың «Жетимниң жүреги» китабы да дерлик китапқумарлардың бәрине таныс. Жүдә тәсирли, ѳмирбаянлық повесть. Жазыўшының жети жасынан баслап, басынан кеширгенлери, ѳзи қатарлы балалардың да турмысы үлкемизде мәденияттың раўажланыў барысы менен байланыслы кѳрсетилген.
Т.Нажимовтың «Бүркит» китабы. Балаларға арналған гүрриңлери орын алған. Ѳмир шынлықлары кѳркемлик пенен сүўретленеди. Балалар ана тәбиятқа дурыс қатнаста болыўға ѳзлерине дурыс сабақ алады.
Х.Сапаровтың «Бала бақша қосығы» китабы. Ѳмир нәўшелерин әдеп-икрамлы, тил алғыш болыўға шақырады.
«Үлкемиздиң әжайып адамлары». Халқымыздың мақтанышлы перзентлери менен таныстырыўшы әжайып китап. Яғный XX әсир даўамында Қарақалпақстанның гүллеп раўажланыўында ѳзлериниң пидайылығы менен айрықша елге танылған атлары тарийх жылнамасында жазылып қалған инсанлардың ѳмири ҳәм хызметлери сѳз етиледи.
А.Бекимбетовтың «Сырлы излер изинен» китабы. Атамасынан мәлим болып турғанындай детектив шығарма. 1960-жыллары Қарақалпақстанның Хорезмге жақын аўылларында жүз берген ўақыя сѳз етиледи.
Саадий Ширазийдиң «Гүлистан» китабы. С.Ибрагимовтың аўдармасы. Бул дәстан Ислам Шығысы әдебиятының бийбаҳа байлықларының бири. Жасларды адамгершиликке, жақсылыққа тәрбиялаўда хызмети үлкен.
П.Хожамуратованың «Саған ѳтирик, маған шын» китабы. Белгили журналист ҳәм жазыўшының повестьлери ҳәм гүриңлери топламы. Турмыста болып атырған, ҳәтте ѳзимиз гүўасы болып жүрген ўақыялар сѳз етиледи. Шаңарақтағы тәлим-тәрбияның орны, жаслардың турмыс қурыўда ҳәр тәреплеме ойланып, жасы үлкенлердиң ақыл-кеңеслерине де сүйениў кереклигин түсиндиреди.
А.Турекееваның «Шүкирликте гәп кѳп» китабы. Белгили журналист ҳәм жазыўшының бул китабында ѳмир ағысындағы ҳәр қыйлы қубылысларға толы гүрриңлери ҳәм публицистикалық мақалалары орын алған. Жазыўшының бул китабы да китап оқыўшыларының кеўлинен шығады деп ойлаймыз.
З.Ѳсербаеваның «Қудықтан шыққан қыз» китабы. Бахытлы балалық, пәк сезимлер тәбият кѳриниси ҳәм аўыл турмысы балалар тилинде жазылған. Китап ҳәр бир оқыўшыны балалық сезимге қайтарып, ѳмирге сүйиспеншилигин арттырады.
Ж.ЕМБЕРГЕНОВА.




