Бир күни Илим, Мәртебе ҳәм Шырай жолдас болыпты. Олар сырттан бир-бирине дос болып көринсе де, ишлеринен бир-бирлерин жаманлар, үстинен күлер еди. Илим: « Мына Шырайға қараң, өзи шырайлы бирақ, басының ишинде ҳеш нәрсе жоқ. Мәртебеге бир нәрсе түсиндиремен десең оҳҳо…» дер еди. Шырай болса «Илим де, Мәртебе де маған қарағанда шырайлы емес, дүньядағы ең шырайлы мен» дейди мақтанып. Ал, Мәртебе «Булар меннен ғөре жарлырақ» деп Илим ҳәм Шырайды өзинен төмен санар еди. Бир күни олар тартысып қалыпты. Илим айтыпты: мен инсанларға илим ҳәм руўхый азық боламан… Ал, Мәртебе болса, мен инсанларды бай- дәӯлетли етемен депти. Ой бу, сизлер айтып турған илим, байлық мениң шырайымныӊ алдында не болыпты. Шырай бар жерде дүнья шырайлы- деп көп ӯақыт тартысыпты. Солай етип, дүньяда ким күшли екенлигин билиӯ мақсетинде жолға атланыпты.
Жүрип-жүрип олардың алдынан булақ шығыпты. Олар көп жол жүрип ҳалдан тайыпты. Суӯ ишпекши болып булаққа жақынлапты.
Сонда Илим: – Бул суӯ таза яки патас екенлигин ким биледи дейсең? Сизлерди билмедим булақтан суӯ ишпеймен. Мен ушын бул жерден қол менен суӯ ишиӯ уят, – деди ол. – Булақ әтирапында гүллер көп болғанлықтан узақ суӯ ишип атырсам шырайлы көринеди- дейди Шырай.
Шырай булақтан суӯ ишеди. Екеӯи болса суӯ ишкиси келседе, өзлерин тыйып турады. Соң олар және жолға түсти. Көп өтпей олардың алдынан төрт тәрепке айрылған жол шығады. Биринши жолда қанша жол жүрсеӊде таӯсылмайтуғын алтын, екинши жолда хәр қыйлы илимий китаплар, үшинши жолда шырайлы гүллер бар екен. Ал, төртинши жол болса туӯры бир аӯылға алып баратуғын еди.Усы жерге келип олар тоқтапты. Кайсы жолдан жүретуғынлығын билмей баслары қатыпты.
Мәртебе: – Бизлер биринши жолдан журиӯимиз керек. Ол жерде өмириңниң ақырына шекем жететуғын алтын бар дейди.
– Яқ, яқ, яқ. Бизлер екинши жолдан жүриӯимиз керек – деди Илим.
– Болмайды, яқ. Үшинши жолдан журиўимиз керек – деп айтып салды. Себеби, Шырай гүллерди жақсы көретуғын еди. Солай етип, қай жолдан жүрерин билмей, тартысып атырғанында Аӯызбиршилик келип қалады.
– Сәлем мениң атым Аӯызбиршилиқ. Сизлерге жолдас болсам ренжимейсизлер ме?
– Ренжимеймиз. Мейли, бирақ алдын қайсы жолдан жүриӯимизди шешип бер.
– Бул жудә аңсат. Үш жолда да инсанлар жоқ. Адамлар жоқ жерде не ислеймиз? Инсанлар бар жерде ғана аӯызбиршилик, татыӯлық болады. Демек,төртинши жол қалды.
– Бул жақсы пикир. Дурыс айтасаӊ – деп мақулласыпты. Солай етип олар төртинши жолға түсип, аӯылға барады. Бул жерге келип олар дүньяда ким күшли деген сораӯына жуӯап таӯыпты. Себеби, бул жердеги инсанлар илимли, мәртебели, шырайлы соныӊ менен бирге жүдә аӯызбиршиликли екен. Көрдиӊиз бе, әзиз оқыӯшылар илим, мәртебе, шырай, аӯызбиршилик бар жерде тынышлық ҳәм татыӯлық болады.
Наўбәҳәр Балтабаева,
Кегейли районы, 55-санлы математика пәнине қәнигелестирилген мәмлекетлик улыӯма орта билим бериӯ мектебиниӊ оқыўшысы.
