Бесигим тербеткен әдиўли қолың,
Биз ушын үлгидур сен басқан жолың,
Қаншама рахметлер айтсақ аз болар,
Гүллерге бөленсин оңың ҳәм солың.
Бизлер сәл кешиксек жолларға қарап,
Аманлағымызды алладан сорап,
Бийтақат боларсыз бәрҳә анажан,
Бизлерди сақларсыз жаныңа орап.
Ержетип үлкейдик кәмалға келдик,
Жақсы ҳәм жаманның парқыны билдик,
Сонда да биз сизге нәрестедеймиз,
Анажан өзиңде дүньяны көрдик.
Гүлнур Жолдасбаева,
Кегейли районы 55-санлы мектептиң математика пәнине қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшысы.
