МЕНИҢ АТАМ

– Қайтағойдыңыз ба қарақларым? Бүгин мениң баламның беси көбейген уқсайды, папкасын көтере алмай киятырғо” – деп Бекбостың атасы ҳәр күнгидей бизлерди үйиниң алдында қарсы алды.
Узақбай ата тәбияттан жүда қуўақы, киши пейил, жақсы инсан. Балалығымыздан мен Бекбос ақлығының классласы болғанлығым ушын ба бәрқулла сабақты бирге таярлатады. Көп қызықлы нәрселерди, басыннан өткен есте қаларлық ўақыяларды айтып береди. Қашан барсаңда үйи адамға толы. Бекбос жорамның ағасы Қоныс Узақбай атаның сегизинши перзенти. Басқа ул-қызларының ҳәммеси өз алдына шаңарақ көтерип, ўатан болып кеткен. Олар тез-тезден атаға келип турады, ҳәтте көшемиздеги жас шаңарақ ийелери де оннан ақыл кеңес алыўға барады. Атаның бугин кеўил кейпияты жүда зор. Себеби, аймағымыздағы мәкан пуқаралар жыйыны баслығы келип ертең тарийхий орынларға шөлкемлестирип атырған саяхатқа апаратуғынлығын айтып кеткен. Мен оның қуўанғанын көрип өз атам ҳаққында ойладым. Атамды тарийхий инсан десем қәтелеспеймен, айтыўынша 1964-жылы Қарақалпақстан телевидениесинде ең биринши көрсетиўди эфирге узатқан видеоинженер, ол өз кәсибиниң устасы болған. Сол даўирде бул бағдарда қәнигелер оғада аз болғанлықтан ҳәтте республикада “Шадыбай телемастер” сыпатында танылған. Көпшилик бузылған техникаларын оңлатыў ушын үйине излеп келип, нәўбет күтип отыратуғын болған. Бир сапары атамның анам менен ғүрриңлесип отырғанында;
– Жигирма бес жыл Қарақалпақстан Республикасын басқарған Қәллибек ата Камалов, телевизорларын оңлатыў ушын атамды үйине алдырып туратуғынлығын айтты. Сонда атамның шебер уста екенлигин тән алып, – «қуўанышлыман өзимиздиң жеримизден де усындай билгир техниклердың шыққаны қандай жақсы рахмет саў болың. Өзиңдей және жас қанигелер болса шет елге билимин асырып, тәжирийбе арттырыўға жиберейик – деп усыныс еткен. Әлбетте, сен де билгенлериңди әтирапыңдағыларға үйрет» – деп ағалық мәсләҳәтин берген. Ҳақыйқатында да атам Ташкентте билимин жетилистирип Қарақалпақстанда бириншилерден болып өз кәсибиниң маманы дәрежесине жетискен. Көп шәкиртлер таярлаған. Ҳәтте ҳүрметли дем алысқа шыққаннан кейин де телекөрсетиўлердиң сапалы эфирге узатылыўы ушын жийи-жийи студияға барып техника сырларын жасларға үйретиўден жалықпаған. Жүдә ақ көкирек инсан, тек ғана жақсы нәрселер ҳаққында ойлайды. Жақсылықты ҳәммеге раўа көреди. Балаларды сондай сүйеди.
Бир күни жүдә ерке еки ярым жаслы Дәстан үкем айтқанын болдырып, ширенип турғанында атам ҳеш ашыўланбастан русшалап “плохие дети бывает, но некрасивых небывает” (қандай ерке өжет болсада сулыў емес бала болмайды) – деп мыйық тартып күлип қойған. Тек те өзиниң ақлығын ғана емес, пүткил дүньядағы барлық балаларды сүйеди десем алжаспайман. Соның ушында атамның кеўли баладай гирбиңсиз аппақ. Тәрбиялап өсирген ул-қызларының барлығы да сол тараўда ата кәсибин даўамлап, мийнет етип атыр. Мен атамның бизлер менен бирге жасаўын қатты қәлеймен, бирақ ол кишкене улы менен бирге турады.
Жасы үлкени бар шаңарақта берекет, пайыз болады деседи. Дурысында да Бекбос достымның үйине ҳәўесим келеди. Мениң ата-анам бәрқулла жумыста, түсликте де асығыс келип кетеди. Базыда жалғыз отырып түсленемен. Қәне, енди бизиң үйде де атам болғанында еди. Мейли, алыста болса да ол мени жақсы көреди. Мен де үлкейсем атамдай боламан.
Айназар Шадыбаев,
Нөкис қаласы, 28-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы.