СОҢҒЫ СЫРЛАСЫЎ

Келмек бар, кетпек бар. Минбек бар, түспек бар.
Әне, усыларды мойынласаң ғана ҳәммеси аңсатынан кешеди. Ҳәмме нәрсениң кейни шырайлы болыў керек. Ҳәттеки о дүньяға да сулыў болып кетиў керек қусайды…
* * *
Алланың аманатын бериў ўақыты келгенин кемпири сезип атыр. Көзин ашыўға димары жоқ. Аяқтың жаны кеткенин сезди. Адам аяқтан кететуғын қусайды. Тил гүрмелмейди. Ғаррысына бир нәрсе айтқысы келип еди, айталмады. Терең уйқы басып баратыр. Қашшан кетип қалған ата-анасы үш күн болды, қасынан шықпайды. Анасы: «жүр кеттик қызым, ол жақта да өмир бар. Артыңа қарама. Жәннеттен қасымда жай бар! Қолыңды бер, тезирек кетейик!» – дейди қыялында ма…
Кемпир өзиниң жаслығы екен дейди. Ғаррысы баяғы нәўқыран жас жигит ўақты екен. Буған әлле нәрсени айтады. Қулағы шыңлап, шала еситип жатыр.
– Мени таслап кетпе. Мен сениң алдында кетейин. Сенсиз өмирдиң не кереги бар маған, кемпирим-аў!
Кемпир дегени неси, мен кемпир емеспен. Мен жаңа түскен келиншек емеспен бе?
Соның арасында үш жасында қызылшадан кеткен қызы буны тас қылып қушаклап алды.
– Бирге мениң менен жүр, бир өзим қорқаман, – дейди.
***
Ғаррысы кемпири жатырған дәў кроватқа ентерилип, кемпириниң әжим енген жүзин ийискеледи.
– Жаслығыңды мен урладым, кемпирим. Өзим де шатақ болдым, сулыў нашар меннен қалмады. Тапқанымды сыртқа шаштым. Қонақты изиме ертип түнбе-күнбе қарамай, өз үйиме сүзип келер едим.
Сениң қабарған қолларыңда, етине жабысып қалған тырнақларыңда мениң менен өткизген машақатлы өмиримиздиң излери жатырғандай.

Сениң менен бир демалысқа бармаппан.
«Тоғайға отын апарып не қыламан» – дейтуғын едим. Алты баланы жылда туўып, мен пахта планды, сен бала планды орынламадық па? Кисловодск, Сочи, Пятигорск меннен қалмады. Турмысқа шықпай қалғанлар саған қаратты ма?
Сонда да бир қабағыңды шытпадың. Ҳасыл екенсең!!!
Сениң қәдириңди билмейди емеспен, билемен де, сеземен де. Ҳәммеден артық екениңди сен өзиң дәлиллегенсең. Есиңде ме? Жорам Қәллибекти қатыны шаўлап барып, райком секретарьға бюроға салдырғаны. Не болды ал?! Қәллибекти жумыстан алды, партиядан шығарды. Соның менен жорам, мени кешир, енди сеннен басқа ҳеш ким керек емес – деп, ант ишип қатынына жалынды ма? Костюмын алды да шығып кетти. Қәпелимде екинши қатын байлы болды да қалды.
Менде де қатынға жалынбайман деген өр көкиреклик бар еди. Жалынбадым да. Бирақ, айланып келгенде сен сызған сызыққа қашшан түскен екенмен. Алпыстан өтип, жетписке жеткенше қәйтсем қәтелеримди жуўаман – деп жасадым.
Кемпир не дейди деп саған жаўтаңладым. Себеби, сениң менен ойласып исленген ҳәр бир қәдем қәте басылмас еди. Сениң сабырлылығыңды, даналығыңды мен қашшан тән алған едим…
Жетпистен сексенге шекем сенсиз ас ише алмай қалдым.
Сырттан келсем де «кемпирим қайда?», бир жерге кетсем де «кемпир қайдасаң?» десем, «атам менен енемдики қартайғанда муҳаббат» – деп күлкиге алар еди, келинлер.
Мине, нәрестедей болып, сениң дийдарыңа тоймай отырғанда жасым бири кем сексен бесте турман.
Саған разыман кемпирим!
Кететуғының анық болып тур.
Кейинги ўақытта Алланың алдына тойға баратуғындай таярландың.
Өмирдеги қыйыншылыкларды, арыстың бир жағын тең тартып үйренген опалым. Соңғы сапарды да байрамға таярланғандай таярландың. Ҳалың келмесе де бес ўақ намазыңды отырып оқыдың. Өзим сыйлаған алмаз сырғаңды қолымыздағы келинниң қулағына тақтың.
Мен өлгеннен кейин талас болмасын дедиң.
Ақылдың кәни кемпирим!
Өмирде саған бир өкпем бар, мен сеннен алдын кетиўим керек еди. Мени жетим етип, таслап баратырсаң…!
Ғарры еңкилдеп жылады. Ыссы көз жаслары кемпириниң тарамысланған бетине тамды.
Кемпири бәрин еситти, түсинди, жүзи бахыттан гүл-гүл жанып, мыйығын тартқанынша жанын Аллаға тапсырды…

Оралхан САПАРОВА,
Нөкис қаласы, 34-санлы улыўма орта билим бериў мектеби директоры.