Ғәрезсизлик қәдемлер дерлик ҳәр күни жаңалықлар менен кеўлимизди қуўанышларға толтырады. Өзим Шымбайлыман. Пайтахттан туўылып өскен жерим – ана Шымбайыма қайтар екенмен, ҳәр ҳәпте түрли өзгерислер, жаңаланыўлардың гүўасы боламан.
Өзгерислер хаққында айтатуғын болсам, районымызда Амфитеатр қурылып питкериў алдында тур. Районымыз орайынан бой тиклеген үлкен саат қурылыўы болса сол өзгерислер ўақтын белгилеп атырғандай. Жаңадан-жаңа ғаз қатар турақ жайлар қала типиндеги өзгерислер аўылымыз шырайына шырай қоспақта. Район ҳәкими Айбек Тажеддинов халыққа ишки имканиятлардан келип шығып, жаңаланыўларға тийкар салмақта. Оның басламасы менен «Шымбай ТВ» телеканалы ашылыў қарсаңында. Бул әлбетте, биз жаслар ушын келешекте үлкен режелер дүзиўге тийкар болмақта. Быйылғы оқыў жылында журналистика тәлим бағдарына оқыўға кирип университет студенти болыў бахтына миясар болдым. Студентлик партасына отырғаннан соңғы биринши мақаламды аўылымнан баслағым келди.
Айтып өтиў орынлы деп билемен, районымызда жақында жүдә үлкен жаңалық болды: Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик Университетиниң Шымбай филиалы ашылды хәм бул жерде жүдә көп жасларымыз билим алыўды баслады.
Көз алдыңда көркейип атырған туўылған жерим өзгерислерин мақтаныш етемен. Ҳәммесиниң тийкары елимиздиң тынышлығы ҳәм мийнет сүйгиш халқымыздың зийнети деп билемен. Ўатанымның усындай раўажланып атырғанлығын көрип қатты қуўанаман. Мен исеним менен айта аламан, Шымбай районында буннанда үлкен өзгерислер болады ҳәм мен оларды тек бақлаўшы емес, ал қурыўшылар қатарында болыўға ҳәрекет етемен.
Гүлчехра Турғанбаева,
Бердақ атындағы ҚМУ, Теле-Радио Журналистикасы қәнигелиги 1-курс студенти.
