1994-жылы «Қарақалпақстан жаслары» газетасына жумысқа араласқанымда Халмурат аға Сапаров енди алпыс жастан ѳтип атырған пайытлары екен. Адынлары белгили шайыр ҳәм жазыўшыларды сыртынан атын еситип жүрген болсам, енди әсте ақырын оларға күнде сәлем берип, жақыннан таный басладым. Әсиресе, мектептеги дәўиримиз бенен бирге бир тутас болып қосықлары ядымызда қалған Х.Сапаровтай белгили шайыр менен бир жәмәәтте ислеў, кеўилиме мақтаныш сезимлерин уялатар еди. Оны узақ-жақыннан кѳплеп шайыр жазыўшылар, тарийхшылар ҳәм басқа алым-илимпазлар да излеп келип, сәўбетлесип кетеди. Сәл бос ўақты болса дәрҳал қосық жазып отырғанын кѳремиз. Ўазыйпам хат ѳткериўши болғанлығым ушын, «Талапқа жуўап бермейди» деп жазып қайтарып берген хатларды, қызығып оқып кѳрип, газетаның талабына жуўап беретуғын мақала қандай болатуғынын байқай басладым. Және бир айрықша тәрепи, оның еслеў қәбилети кѳпшиликти ҳайран қалдырады. Буннан неше жыл бурын басылып шыққан мақалалар және алдына авторлар тәрепинен келип қалса, ол дәрҳал танып алады. Газетаның таза саны шыққан күни, мақалаларға шкала бойынша (гонорар) қәлем ҳақы жазып, соң тийисли пулларын ийелери келемен дегенше қағазға орап, аманат ғана сақлап қояды. Кѳбинесе келип алып кетсин деп қолдан келгенинше хабарлап отырады. Енди билсек, марҳум устазымыз ўақыттан жүдә үнемли пайдаланады екен. Себеби, жәмәәт пенен той-мерекеге барылса түслик ўақты питиўден, «Сизлер сәл иркилип барарсыз, мен кабинетти ашып отыраман» деп жумысқа асығар еди. Усы тараўда кәсип сабақларын үйрениўимде ѳз орнына ийе болды. Устазымыз Х.Сапаров 2002-жылы 77 жасында қайтыс болды. Шайырлардың екинши ѳмири болады дегениндей қарақалпақ балалар әдебиятын раўажландырыўға салмақлы үлес қосқан, қырық жылға шамалас ўақыт баспа сѳзимизде жемисли хызмет еткен балалар шайыры, Халмурат Сапаровтың туўылғанына быйыл 90 жыл толды. Усы мүнәсибет пенен жақында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик музейинде «Балалар қәлбине нур берген шайыр» атамасында ушырасыў кешеси ѳткерилди.
Кешени музей директоры Ш.Пайзуллаева кирис сѳз бенен ашты. Кешеге «Жеткиншек» газетасының дѳретиўши хызметкерлери, мектеп оқыўшылары ҳәм муғаллимлер ҳәм мектептеги дѳретиўшилик мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшылар қатнасты. Қатнасыўшылар шайырға тийисли кѳргизбелер менен танысты. Соң шәкиртлери, «Жеткиншек» газетасының поэзия бѳлими баслығы Я.Ажимов, жуўаплы хаткери Д.Уббиниязова ҳәм Хожели районы 3-санлы мектептиң муғаллими З.К.Хожаназаровалар шайырды еске түсирди. Мектеп оқыўшылары шайыр қосықларынан айтып берди. Кеше соңында шайырдың қызы «Еркин Қарақалпақстан» газетасының хабаршысы Г.Сапарова ѳз миннетдаршылығын билдирди.
Халмурат Сапаров 1974-жылы балалар ҳәм әдебияты бойынша «Бахытлы балалық», «Қурқылтай», «Айға ушып барғанда» ҳәм «Жийрен тай» қосықлар топламлары ушын Бердақ атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты болған. 1982-жылы Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери ҳүрметли атағын алды. Шайыр жас әўладларды әдеп-икрамлық руўхында тәрбиялаўдағы шығармалар жазғаны ушын Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен «Халық билимлендириўиниң ағласы» көкирек нышаны менен сыйлықланды. Оның барлық шығармалары балаларға жас әўладты тәрбиялаўға бағышланған. Соның ушын да оны Қарақалпақстанның Самуал Маршагы деп атайды. Композиторлар оның 40 тан аслам қосықларына намалар жазған. 2004-жылы БМШ ЮНИСЕФ ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Балалар қоры «Саламатлық ҳәм бахыт қушағында» таңлаўында қосықлары сыйлы 3-орынды ийеледи. 2007-жылы «Ѳзбек балалар антологиясы китабының 1-томында Х.Сапаровтың дѳретиўшилиги ҳәм қосықлары орын алған. Сондай-ақ, оның балаларға арналған қосықлары беларусь молдаван, татар, башқурт, қазақ, түркмен, ҳ.т. туўысқан халықлар тиллерине аўдарылған.
Қарақалпақ балалар әдебиятының ең жарқын ўәкиллериниң бири Халмурат Сапаровтың 90 жыллығы сәнеси республикамыз бойлап белгиленип, шайыр қосықлары әўладлары тәрепинен жаңлай береди.
Жумагүл ЕМБЕРГЕНОВА,
Нѳкис қалалық 30-санлы мектептиң дѳретиўшилик-мәдений мәселелелери бойынша үгит-нәсиятшысы.
