АҚМАҢҒЫТ УШЫН ЖАҢА ИМАРАТ

Нөкис районы Ақмаңғыт посёлкасы пуқаралар жыйынының жаңа имараты ҳәм китапхана ашылды.
– Усы ўақытқа шекем ески, жетерли шараяты болмаған имаратта ислейтуғын едик, – дейди Ақмаңғыт посёлкасы пуқаралар жыйыны ҳәким жәрдемшиси Қалбай Өтегенов.
– Самарқандлы досларымыз тәрепинен 3,5 миллиард сум қаржы жумсалып, қурылған жаңа имаратта болса жумыс ислеўимиз ушын барлық қолайлықлар бар. Және бир қуўанышлы тәрепи китапхана ашылғаны болды. Бул посёлкамыз халқы, әсиресе, жаслар ушын жақсы саўға болды.
Ғ.Ҳасанов,
А.Исроиловтың түсирген сүўрети,
ӨзА.