Мәмлекетимизде пуқаралардың жақсы жасаўы ушын толық имканиятлар ҳәм қолайлықлар жаратылып атыр. Усы жылы 31-августта қабыл етилген «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы Президент Пәрманы, сондай-ақ, «Ҳәр бир шаңарақ исбилермен» бағдарламасы тийкарында имканияты болғанша ҳәр бир шаңарақты жумыс пенен бәнт етиў арқалы қосымша дәрамат киргизиў дерегин жаратыўға қаратылған.
Соңғы жыллары мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалар, ѳзгерислер менен жаңаланыўларға, әсиресе ҳаял-қызларымыздың барлық тараўлардағы белсендилиги арттырылып, исбилерменлик пенен шуғылланыўына ҳәм шаңарағына қосымша дәрамат киргизиўине имканият жаратылмақта.
Ҳақыйқатында да дәўир талабы, заман бағытына қарай умтылыў ѳз қолымызда. Себеби, «Заман саған бақпаса, сен заманға бақ» деген ҳикметли сѳзде бүгинги күн талабынан келип шығып турғандай. Усындай талаплардан келип шығып, жаратылған имканият пенен қолайлықлардан толық түрде пайдаланып атырған жас исбилермен Меҳрибан Атамуратова болып есапланады.
Ол исбилерменлик жумысын баслаў ушын 6 айға жеңилликли мүддетте 33 миллион сум 14 проценттен «Микро кредит» банктен кредит алып, бүгинги күн ҳәм қарыйдар талабы күшли шлака блок гербиш ѳнимлерин ислеп шығарыўды режелестирди.
– Ҳәзирги ўақытта ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың белсендилигин арттырып, исбилерменлик пенен шуғылланыўына, шаңарағына қосымша дәрамат киргизиўине толық имканият жаратылған. Мен де усындай қолайлықлардан пайдаланыўды нийет еттим. Мәкан пуқаралар жыйыны ҳәким жәрдемшиси Мажит Утамбетовтың жәрдеми ҳәм мәсләҳәти менен кредит алдым. Қарыйдар талабындағы ѳнимди шығарыў ушын ажыратылған кредит ақшаларыма керекли әсбап-үскенелер алдым ҳәм сапалы гербиш ѳнимлерин шығарып атырман. Ҳәзирги ўақытта жумыссыз 4 пуқараны жумыс пенен тәмийинлеп, буйыртпашылардың талабын орынлап, алғысын алып атырмыз, – дейди исбилермен ҳаял М.Атамуратова.
«Жас келсе иске, жумыс қалмас бизге» деген емес пе?
Меҳрибан Атамуратоваға уқсаған исбилермен ҳаялларымыз кѳбейе берсе, қаламыз бенен кѳшелеримиз бул исбилерменлердиң ѳнимлери менен абаданласа береди.
Зибира АБДИНИЯЗОВА,
арнаўлы хабаршымыз.
