Тақыятас районы Айрықша жағдайлар хызметкерлери тәрепинен район аймағында жайласқан мәкеме ҳәм кәрханалар, өзин-өзи басқарыў уйымлары АПЖ ҳәм МПЖ ларда көп қабатлы үйлерде, пуқаралар турар жайларына үйме-үй жүрип гүз-қыс мәўсимине таярлығын тәмийинлеў, жүз бериўи мүмкин болған өртлердиӊ алдын алыў барысында көплеген ис-илажлар әмелге асырылмақта.
Район аймағында өткен 2021-жыл даўамында 21 өрт, 2022-жыл басы
нан усы күнге шекем 18 өрт болған болса усы жүз берген өртлердиң басым көпшилиги пуқаралардың жеке меншик турақ жайларында ҳәр қыйлы себеплер менен келип шығып атырғанлығын, еӊ ашынарлысы бул унамсыз хәдийселер пуқараларымыз арасында өртке итибарсызлық пенен қарағанлығы себепли жүз бермекте. Ҳәр қандай апат айтып келмейди. Өзимиз ҳәрбир иске сергеклик пенен қарасақ, аяқ астынан келип шығатуғын апатлардан аман боламыз, әзиз турғынлар.
Ҳүрметли районымыздың турғынлары. Усы өткерилип атырған Айрықша жағдайлар ҳәм өрт қәўипсизлиги профилактика жумысларын туўры қабыл қылып әмел қылсақ, мәкеме-кәрханалар ҳәм турар үйлеримиздеги насаз электр ҳәм газ үскенелерин жылытыў қазанларын гүз-қыс мәўсимине таярлап қойсақ нәтийжелер өзимиздиӊ қәўипсизлигимиз ушын хызмет етеди.
Б.Бердимуратов,
Тақыятас районы, АЖБ инспекторы аға лейтенант.
