Ҳаял-қызларды қанша қадирлесек, өмиримиздиң шамшырағы, нәслимизди дүньяға келтириўши аналар деп сый-иззет көрсетсек, демек биз Ўатанымызды қәдирлеп,ардақлаған боламыз.
Сондай-ақ қутлы ҳәм теберик, шексиз ҳүрметке ылайықлы азиз анажанлар,сүйикли өмирлик жолдасыңыз, бири-биринен сулыу ақыллы ҳәм мийирман апа-сиңлилер! Сизлерге болған мийир-шәпәәтимиздиң шеги жоқ…
«Қыз өссе, елдиң көрки», – деген дана халқымыз. Ҳақыйқаттан да қызы бар үйдиң әтирапындағы гүлзар ҳәм тазалық сол үйдиң периштеси саналған қызларымыздың қандай тәрбияда екенлигинен дерек береди.
Жамалың қуяшдур, айдай гүл жүзиң,
Палдек ериниң, шийрин ҳәр сөзиң.
Бир қыя баққаның, жан алар көзиң,
Жәллат киби жанымды аларсаң, сен қыз!
Бул көринис,қызлардағы бийтәкирар сулыўлықты,наз-ийбени,әдеп-икрамлылыққа қоса оның теңсиз гөззаллығын ашып берген.
Бирақ, «Мен сулыўман», – деп өзине және ҳәдден зыят исенип, мурнын көтерип, әтирапындағы жақынларының ақыл-нәсиятларына бийписент қарап: «Өзим билемен» – деп, ҳәттеки, ата-анасының; «Ҳаў, қызым липасыңды келте кийме», «Кеш болғанда жүрме», «Жас үлкенлердиң алдын кесип өтпе», «Бийорын күлме», «Ҳәр бир ҳәрекетиңде ийбе сақла, қызым!» – деген дана сөзлерине қулақ аспай, басы тасқа тийип «әттең» шегип қалған қызлардың тәрбиясы кимди болса да ойландырады ҳәм қыйналдырады.
Қарақалпақ хаял-қызларының бойына ана сүти менен сиңген сабырлылық ҳәм шыдамлылық сизиң ҳәр бириңиздиң кеўил ханаңыздан орын алыўын қәлер едик.
Бул орында, өмирдиң бәрше аўырманлықларын басынан кеширген, тәғдир соқпақларынан өзлериниң сабырлылығы себепли, барлық қыйыншылықларды мәрдана жеңип өткен аналарымыздан биз қызлар ҳәр қанша үлги алсақ арзыйды.
Олардың мәсләҳәтлерине әмел қылса, бизлер де ертең әлбетте бахытлы боламыз.
Гүлленген шаңарақ ийеси, мәрт ҳәм батыр перзентлердиң анасы боламыз.
«Анасын көрип,қызын ал», – дейди дана халқымыз… Сол «Ана»да бир ўақытлары қыз болған, ата-анасынан тәрбия, мәсләҳәтлер алып өскен ҳәм оқыған. Жәмийетте өз орнына ийе әдиўли ҳәм үлгили, мийирман ана болған.
Сол анасындағы мийирманлық, ийбелилик,ең тийкарғысы шаңараққа уйытқы болған шийрин сөзли, жағымлы минези шаңарағында өсирип атырған қыз перзентлеринде де бар екенлигинен дерек береди. Дурыс, бес бармақ тең емес. Жәмийетимизде биз бенен бирге заманлас болып, бирге қәдем таслап атырған айырым қызлардың тәрбиясы дым төмен екенлигин көрип,билип турып, оларға жәрдем береалмай атырғанлығымыздан қыйналамыз.
Айырым шаңарақларда атаға бала қарамай, анасына қызы қарамай, олардың ақыл-нәсиятларына қулақ аспастан, билгенин қылып жүрген жасларды көрип,түңилип кетесең адам.
– Неге!?
– Бүгинги күн жасларына не болып атыр?
– Ергеңги күнин неге ойламайды?
– Не себептен дурыс жолды таңламайды?
– Миллий үрп-әдетлеримизди аяқ асты етпекте!?
– Ата-аналарымыз бизлерге тек жақсылықларды тилейди…
– Олардың алдында қарызымыз ҳәм перзентлик миннетимиз көп.
– Олар бизлерге өмир бағышлаған, ақ сүт берип, бизге бахыт тилеген жәннетий инсанлардур.
Жаслар тәрбиясы бүгинги раўажланыу дәўиримиздиң ең бир уллы машқалаларымыздың бири болып турған бир дәўирде жасап турмыз.Жасларға, өз заманласларыма айтарым: «Өз жүрер жолыңызды дурыс таңлап билиң», Жасы үлкен әже ҳәм апаларымыздың ақыл-нәсиятларына қулақ тутайың!
Қарақалпақ халқының келешеги, ертеңги күни – бул сиз бенен бизлер, әзиз қызлар!
Сиз, болажақ аналарсыз.
Сиз миллетимиздиң даўамыйлығын тәмийинлеўши мәрт, батыр, ақыллы ҳәм алым болатуғын халықтың аналарысыз!
Қызы бар үйдиң пайызы өзгеше… Ол үйден гүллердиң ийиси аңқып, ийбели бир қарастың, назлы бир жананның бар екенлиги алыс-алыслардан-ақ сезилип турыўы керек.
Тазалық, пәклик ҳәм гөззаллық нәпеси қуяш нурындай жарқынлық бағышлап турыўы лазым.
Ол үй алдынан өтип баратырған ҳәр қандай жолаўшы үй алдын көрип-ақ, «–Бул үйде қыз бала тәрбияланып атырған екен», – деп сезинип, үсти-басын дурыслап, өзлериниң аяқ алысын дүзиўлеп, жүрип өтсин…
Кеўилимиздиң тынышлығы, шаңарағымыздың гүли,қәлбимиздиң нурлы периштеси, мәҳәллемиздиң абаданшылығы, елимиздиң көрки, жәмийетимиздиң ертеңги күни сиз киби ақыллы, дана, ийбели, шаққан ҳәм кишпейил қызларымызға байланыслы.
Әзиз қызлар! Бизлер ҳәр бир қәдемимизди ойлап басыўымыз тийис. Себеби, биз қызлар халықтың нәзериндемиз…
Ертеңги бас ийип түскен шаңарағымызды гүлленген бир жәннет мәкан бостанға айналдырайық!
Ана мийри тасты да еритеди.
Мийирман болайық, ҳүрметли қәдири бәлент қәдирли қызлар!
Умида Ниетуллаева,
Өзбекстан мәмлекетлик көркем- өнер мәденият институты, Сахна хәм экран драматургиясы факультети 3-басқыш талабаны.
