Маңлайымда айдың жүзи балқыған,
Өӊиримде Ўатан меҳри аңқыған.
Нийетим пәк, мен сонлықтан бәрҳама,
Таӊиримниң бахты күлген қызыман,
Желкемдеги қанат емес, булытлар,
Көзимдеги нурларымда қуяш-дур.
Қәлем услап, китап қушып уйықлар,
Ўатанымның талант сүйген қызыман.
Маңлайымда айдың жүзи балқыған,
Өӊиримде перзент меҳри аңқыған
Тынышлық, дослық, мүриўбетлик тән болған.
Азат елдиӊ көкти қушқан қусыман.
Ўатанымның бахты күлген қызыман.
