Ишки ислер уйымлары хызметкерлери күни мүнәсибети менен бир топар
хызметкерлерди сыйлықлаў ҳаққында
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Елимиздиң ишки ислер уйымларындағы көп жыллық жемисли мийнети, халқымыздың тынышлығын ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, тынышлық-турақлылықты беккемлеўге қосқан мүнәсип үлеси, жынаятшылыққа қарсы гүресиў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасының нәтийжелилигин арттырыў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин, нызамлы мәплерин қорғаў жолындағы ибратлы жумысы, хызмет ўазыйпасын атқарыўда мәртлик үлгисин көрсеткени, жас әўладты ана Ўатанға сүйиспеншилик ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў бағдарындағы айрықша хызметлери ушын төмендегилер сыйлықлансын:
Қарақалпақстан Республикасы бойынша:
«Мардлик» ордени менен
Собиров Азизбек Улуғбекович – Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң басқарма баслығы
«Дўстлик» ордени менен
Бекмуратов Азамат Ережепбаевич – Қарақалпақстан Республикасы Транспортта қәўипсизликти тәмийинлеў басқармасының Нөкис аэропортында қәўипсизликти тәмийинлеў бөлиминиң баслығы
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы, 2022-жыл 24-октябрь
