Газ тармағына белгиленген тәртипте әмелде жалғанғаннан баслап тутыныўшылар менен шәртнама дүзилген болып есапланады

Нызамшылыққа бола, турмыслық тутыныўшылар менен тәбийғый газ жеткерип бериў шәртнамасы дүзилмеген жағдайда, шәртнама газ тармағына белгиленген тәртипте әмелде жалғанған ўақыттан дүзилген болып есапланады.
Онда газ тәмийнаты шөлкеми усы тутыныўшы менен тәбийғый газди жеткерип бериў шәртнамасын дүзиў және тәбийғый газден пайдаланыў қағыйдаларын тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлар көриўи шәрт.

Бирақ тутыныўшылардың басқа категорияларына тәбийғый газ тек ғана шәртнама тийкарында жеткерип бериледи.