ПƏН АЙЛЫҚЛАРЫ БОЛЫП ӨТТИ

Ҳəзирги күнлери улыўма билим бериў миектеплеринде пəн айлықлары болып өтпекте. Бунда жыл бойы бағдарлама бойынша алып барылған жумыслар анализленеди. Ашық сабақлар өткерилип, алдағы оқыў жылының кестелери дүзиледи. Сондай-ақ айлық бойынша усы пəнге қатнасы бар өндирис пидайылары менен ушырасыўларда шөлкемлестириледи.
Мине усындай қарақалпақ тили ҳəм əдебияты пəни айлығының бағдарламасына муўапық пайтахтымыздағы 51-санлы улыўма билим бериў мектебинде «Əдебият бостаны» атамасындағы жазыўшы менен ушырасыў кешеси болып өтти. Оқыўшылар ҳəм педагоглар бул рет Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Бердақ атындағы мəмлекетлик сыйлықтын ийеси,жазыўшы,киносценарист ҳəм журналист, «Билим» баспасының директоры Муратбай Нызанов пенен ушырасты.

Кешени мектеп директоры Ҳүрлиман Ембергенова ашты,буннан соң жазыўшының өмирбаяны менен мектептиң үгит-нəсиятшысы, жазыўшы Марат Таўмуратов таныстырып өтти. Буннан кейин жазыўшының өзи дөретиўшилик жумыслары, шығармалары туўралы сөйлеп берди. Оқыўшылар мийманға өзлерин қызықтырған сораўларын берип,оларға тийисли жуўапларын алды. Ушырасыў соңында мектеп оқыўшылары тəрепинен таярланған қосық ҳəм аяқ ойынлар қойып берилди.
Жазыўшы Муратбай Нызанов пенен ушырасыў оқыўшыларға үлкен қуўаныш бағыш етти.
Клара Дилимбетова,
Назенайым ОРАЗБАЕВА,
Мектептиң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллимлери.