«Дөретиўши муғаллим – 2022» МЕНЕН УШЫРАСЫЎ

Тап усы мазмундағы ушырасыў мектептиң өзбек тили методикалық бирлеспеси муғаллимлери тəрепинен де шөлкемлестирилди. Мектеп оқыўшылары менен педагоглар жəмəəти шайыр, Өзбекстан Республикасы «Дөретиўши муғаллим–2022» таңлаўы жеңимпазы, Хожели районлық 9-санлы улыўма билим бериў мектебиниң үгит-нәсиятшысы Гүлистан Реймова менен ушырасты. Кешени мектеп директорының руўхыйлық ислери бойынша орынбасары Гүлайым Маткаримова ашып берди. Мийманның өмирбаяны ҳəм шайырлық жумыслары менен мектептиң үгит нəсиятшысы, жа

зыўшы Марат Таўмуратов таныстырып өтти. Буннан кейин келген мийман өзиниң соңғы жазған қосықларынан оқып берди. Шайырлық жоллары,устазлары ҳаққында айтып өтти. Оқыўшылар тәрепинен берилген сораўларға жуўап берди,өзбек тили методикалық бирлеспесиниң баслығы Улбосын Жумабаева мектепте алып барылып атырған пəн айлығы менен таныстырды ҳəм мийманға миннетдаршылығын билдирди. Ушырасыў соңында мектептиң оқыўшылары таярлаған концерт бағдарламасы қойып берилди.

Зийбагүл ЖАҚСЫЛЫҚОВА,
11-класс оқыўшысы.