Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Жасларды исбилерменликке қамтып алыў ҳәм олардың бизнес басламаларын қоллап-қуўатлаў бойынша ис-илажлар ҳаққында» ғы қарарына тийкар жаслардың бизнес жойбарларына жеңиллетилген кредит қаржылар ажыратыў белгиленген.
Усы қарар талапларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде усы күнге шекем «Жаслар келешегимиз» фонды Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен 16 жасқа жәми 7 миллиард сумлық жеңиллетилген кредит қаржылары ажыратылды.
Усындай имканиятлардан ҳәм жеңилликлерден пайдаланыўда, жаңа басламалар менен ѳз искерлигин кѳрсетиўге нийет еткен жаслардың бири Жандос Ургеншбаев болды. Жақында жас исбилерменниң жумыс барысын үйрениў мақсетинде пресс-тур шѳлкемлестирилди.
Сондай әжайып, пайызлы «Дослық» каналы бойынан орын таңланыўының ѳзи жас исбилерменниң ѳз исине жаңаша руўхланыў менен басланғанын кѳриўге болады.
– «Жаслар келешегимиз» фонды Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен 540 миллион сум муғдарында жеңиллетилген кредит алдым. Қаламыз орайы, «Саманбай» мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан спорт клубын шѳлкемлестирип, 5 жастың бәнтлигин тәмийинлеўге еристим. Тийкарғы жумыс орныма, жас исбилермен болып жумыс баслағанымнан жүдә қуўанышлыман. «Жаслар-келешегимиз» фонды Қарақалпақстан Республикасы филиалы баслығы Айбек Қурбанбаевқа биз жаслар жүдә миннетдармыз, – дейди Жандос Ургеншбаев.
Биз пресс-тур даўамында «Батырхан» спорт клубында жаратылған шараятлар менен танысар екенбиз, ҳәўесиң келеди.
Қәне, енди ҳәмме де ўақыт таўып, спорт пенен шуғылланып, саламат турмыс тәризин жаратса, унамсыз ҳәрекетлерден аўлақ болып, келешектиң руўхый ҳәм физикалық саламат әўладлары болып жетилиссе дейсең.
Спорттың фитнес, бокс, муай-тай, қол урысы, ММА (аралас урысы гүреси) ҳәм гүрес түрлеринен шуғылланыўға толық имканият бар. Азғана ўақыт «ишинде 300 бала қамтып алынған болса, 800 баланы қамтып алыўға шараят та, имканият та бар.
Спорт клубта 12 тренер жас спортшы балалар менен шынығыўлар алып барып атыр. Бокс түринен Мурат Қуўанбаев, Наўрыз Нуржанов, Байрам Халықназаров, Ерназар Айтбаев ҳәм Қарабек Генжемуратов, ММИ спортынан Толыбай Қошқаров, қол урысы Асқар Ақтилеўов, фитнес Данил Тилеўимбетов, муай-тай Мухаммедали Қудайбергеновлар спорт шынығыўларын тынымсыз үйретип, шәкиртлеринен үлкен нәтийжелер күтип, үлкен жарысларға таярлап бармақта.
Әлбетте, ҳәр қандай устаз шәкиртиниң ѳзинен озық шығыўын күтеди, мийнетиниң жемисин жүзеге шығарыўға асығады.
Бул спорт клубында да әйне усындай нәтийжелер болыўын мақсет етип, ҳәмме билим ҳәм тәжирийбелер үйретилмекте.
– Ѳзиңиз гүўасы болып турсыз. Канал бойы, таза ҳаўа ҳәрқандай шынығыў алып барыўымызға қолайлы. Спортқа ықлас қойған адам, бул жерде руўхый күш, ѳзин физикалық жақтан саламат әўлад деп есапласа да болады. Залда спорт сүйер инсанның шуғылланыўына спорт инвентарлары толық жеткиликли, – дейди бокс спорт тренери Мурат Қуўанбаев.
Жаслардың спорт пенен шуғылланыўына саламат әўлад болып қәлиплесиўине, усыншама шараят жаратылып берилип атырғанына қуўанасаң инсан.
– Мен де баламның бир спорт түри менен шуғылланыўын қәлеймен, б
ирақ қандай да бир зақым алады деген қәўетерим күшли, – деген кәсиплесимниң сѳзин залда шынығыў ислеп дем алыўға қолайласып атырған спортшы еситип, ѳзин таныстырды.
– Қол урысы ҳәм ушу-сандо спорт түри менен еки жылдан бери шуғылланаман. Тренерим Асқар Ақтилеўов спорт сырларын ҳәм тәжирийбелерин үйретип барды. Нәтийжеде Азия чемпионатында 3-орын, Ѳзбекстан кубогында 1-орын жеңимпазы болдым, – дейди Абат Қалбаев.
Әне, усындай нәтийже ҳәр қандай қәўетерди, қорқынышты жоғалтып, мақтаныш сезимлери илҳамландырады.
Спорт клубы залында тынымсыз шынығыў ислеп, шаққан ҳәрекетлери мен
ен бизди ѳзине қаратқан қызымыз Тақыятас кәсип-ѳнер мектебиниң оқыўшысы Зарафшан Хожамбергеновада жақында спорттың бокс түринен Ѳзбекстан чемпионатында 2-орын жеңимпазы болып, тренери Қарабек Генжемуратовтың мийнетлериниң жемиси екенлигин айтып, анасы Зульфия Абдимуратованың спортқа алып келгенинен жүдә қуўанышлы екенлигин аңладық.
Жас исбилермен Жандос Ургеншбаевтың жумысларына табыслар тилеп, залдағы спортшылар елимиз байрағын жәҳән аренларында желбирете бериўин айтып… «Батырхан спорт клубы» не ушын Батырхан? – Атамның исмин қойдым және де спортшыларым батыр болсын, клубтың атынан руўхый күш алыўын нийет еттим.
..
«Жақсы нийет-ярым дәўлет». Биз күтемиз, байрақларымыз бәленттен желбиреўин.
Зибира АБДИНИЯЗОВА,
арнаўлы хабаршымывз.
